Делегациялардың басшылары жанында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер
алмасылды. Соның ишинде:
- 2026-2030-жылларда саўда-экономикалық ҳәм социаллық-гуманитарлық бирге
ислесиўди раўажландырыў бойынша илажлар режеси;
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Беларусь
Республикасы Сыртқы ислер министрлиги арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген
мәсләҳәтлесиўлер бағдарламасы;
- 2005-жыл 19-январьдағы Пуқаралардың өз-ара қатнаўлары ҳаққындағы
келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протокол;
- Беларусь Республикасы аймағында ўақтынша мийнет етиў ушын Өзбекстан
Республикасы пуқараларын шөлкемлескен түрде қабыл етиў ҳәм жумысқа орналастырыў
ҳаққындағы келисим;
- Тоғай хожалығын
раўажландырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
-
2026-2028-жылларға мөлшерленген мәденият тараўындағы бирге ислесиў
бағдарламасы;
- Өзбекстан
Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Беларусь Республикасы Айрықша
жағдайлар министрлиги арасында 2027-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў
бойынша илажлар режеси;
-
2026-2027-жылларға мөлшерленген туристлер ағымын өз-ара арттырыў ҳәм туризм
тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер
режеси;
-
2026-2028-жылларда агросанаат комплекси тараўындағы бирге ислесиўди және де
тереңлестириў бойынша "жол картасы";
- Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги
ҳәм Беларустың "БЕЛЛЕГПРОМ" мәмлекетлик концерни арасында жеңил
санаат тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
- Өзбекстан
Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Беларусь
Республикасы Мийнет ҳәм социаллық қорғаў министрлиги арасында халықты социаллық
қорғаў тараўында бирге ислесиў мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы;
- Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен Беларусь Республикасы Қаржы
министрлиги арасында қаржы мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы;
- Өзбекстан
Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер
институты ҳәм Беларусь стратегиялық изертлеўлер институты арасында Өзбекстан - Беларусь
эксперт кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы меморандум;
- Өзбекстан
Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен Беларусь Республикасы Аўыл
хожалығы ҳәм азық-аўқат министрлиги арасында агросанаат тараўында инвестициялық
бирге ислесиўди раўажландырыў нийетлери ҳаққында меморандум;
- Өзбекстан
Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Беларусь Миллий илимлер академиясы арасында
илимий-техникалық бирге ислесиў тараўында өз-ара түсинисиў меморандумы.
Сондай-ақ, сапар
шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар
министрлиги ҳәм Беларусь Республикасы фундаментал изертлеўлер фонды арасында
Меморандумға қол қойылды.