Мәмлекетимиз басшысы Александр Лукашенкоға шын жүректен қабыллағаны ҳәм миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, Беларусь халқын өткен Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады.

Бул ретки рәсмий сапар Өзбекстан - Беларусь қатнасықларының раўажланыўында тарийхый ўақыя болғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Атап айтқанда, саммиттиң әҳмийетли нәтийжелеринен бири Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы декларацияға қол қойылыўы болды.

Бул, Өзбекстан жетекшисиниң сөзлерине бола, мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеўде жаңа беттиң басланыўы болып табылады ҳәм тәреплердиң көп қырлы шерикликти узақ мүддетли раўажландырыў бағдарындағы умтылысларының исенимли екенин тастыйықлайды.

Үлкен таярлық жумыслары сөйлесиўлердиң табыслы өтиўине тийкар болғаны атап өтилди.

Сапар алдынан Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, үшинши Аймақлар форумы, Өзбекстан мәденият күнлери, аналитикалық топарлардың ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекет басшылары сиясий сөйлесиўди және де раўажландырыў, сондай-ақ, парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Саммит алдында саўданы 2 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажларды, сондай-ақ, тийкарғы тараўларда жаңа жойбар басламаларын қамтып алған комплексли реже қабыл етилди.

Бул жерде аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, микроэлектроника, тоқымашылық, мебель қурылысы ҳәм басқа да тармақлардағы кооперация ҳаққында сөз бармақта.

Өзбекстанда биринши атом электр станциясы ҳәм тийисли инфраструктураны қурыўда Беларусь тәжирийбесин қолланыў бойынша келисимге ерисилди.

Өзбекстаннан 230 ға шамалас исбилермен қатнасқан Өзбекстан ҳәм Беларусь аймақлары үшинши форумының жуўмақларына жоқары баҳа берилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ҒМДА, ШБШ ҳәм Қосылмаў ҳәрекети шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў бағдарындағы умтылыслар исенимли екени атап өтилди.

Мәденият ҳәм көркем өнер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўларында жедел алмасыўлар даўам еттириледи.

Мәмлекетимиз басшысы Минск қаласында Өзбекстан - Беларусь дослық қыябанын шөлкемлестириў басламасы ушын миннетдаршылық билдирди.

Усы жылы гезектеги медицина, билимлендириў ҳәм туризм форумларын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Жуўмағында бул тарийхый сапардың нәтийжелери стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўге, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық мақсетлерине ҳәр тәреплеме хызмет ететуғыны атап өтилди.