Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевқа Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы - "Олий Даражали Дўстлик" ордени тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары сыйлықты тапсырып, бул қарар Өзбекстан халқының Әзербайжан Президентиниң туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўдеги жеке хызметлерине болған қызғын ҳүрмети ҳәм тән алыныўының көриниси екенин атап өтти.

- Сиз уллы атаңыз - белгили мәмлекетлик ғайраткер Гейдар Алиевтиң жумысын мүнәсип даўам еттирип атырсыз. Сизиң басшылығыңыздағы дана реформалар сиясаты себепли Әзербайжан мәмлекетти раўажландырыўда ҳәм халықаралық майданда үлкен жетискенликлерге ериспекте.

Илҳам Алиевтиң көп қырлы Өзбекстан - Әзербайжан қатнасықларын кеңейтиўге қосып атырған үлеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Еки мәмлекет арасындағы аўқамласлықтың басында әйне ол турғаны атап өтилди.

Әзербайжан Президенти, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшиси ҳәм халқына жоқары тән алғаны ушын миннетдаршылық билдирип, көп қырлы бирге ислесиўди дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында буннан былай да беккемлеўге исеним билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы - "Гейдар Алиев" ордени менен сыйлықланды.

Мәмлекетимиз басшысына сыйлықты Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев тапсырды.

Өзбекстан жетекшиси туўысқан Әзербайжан Президенти ҳәм пүткил халқына терең миннетдаршылық билдирип, бул сыйлықты мәңги дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеў жолындағы биргеликтеги ҳәрекетлердиң жоқары баҳасы, деп билетуғынын атап өтти.

- Бул орден мен ушын айрықша әҳмийетке ийе. Ол пүткил өмирин Ўатанға хызмет етиўге бағышлаған басшы Гейдар Алиевич Алиевтиң аты менен аталады. Әйне ол Әзербайжанның келешектеги раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратты, - деди Шавкат Мирзиёев.

Гейдар Алиев өзбек тарийхы ҳәм мәдениятына үлкен муҳаббат пенен қарап, еки халықты жақынластырыў жолында көп жумыслар ислегенин атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан барлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтип, туўысқанлық қатнасықлары жаңа әмелий мазмун менен байыўына исеним билдирилди.

"Гейдар Алиев" ордени менен түрли жылларда Франция Президенти Жак Ширак, Кувейт Әмири Сабаҳ ас-Сабоҳ, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Италия Президенти Серджо Маттарелла ҳәм басқа да көплеген шахслар сыйлықланғанын атап өтиў керек.