28-сентябрьден жумыс баслаған мобиль хызмет балаларға үй шараятында медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў, кеселлик белгилерин жеңиллетиў ҳәм олардың жақынларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Мобиль бригада қурамына медицина қәнигелери, социаллық хызметкерлер ҳәм психологлар киргизилген. Олар ҳәр бир бала ҳәм оған ғамхорлық етип атырған шаңарақ ағзалары ушын индивидуал жәрдем режесин ислеп шығады. Сондай-ақ, ата-аналарға баланы тәрбиялаў көнликпелери үйретиледи.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёеваның атап өтиўинше, жойбардың тийкарғы мақсети — шаңарақларға баланың мүтәжликлеринен келип шығып, жәрдемди үйде ямаса хосписте алыў имканиятын жаратыў.

"Баланың диагнозын өзгертиўге әззимиз, бирақ оның ҳәр бир күнин өзгертиў өз қолымызда", — деди ол.

Шаҳноза Мирзиёева бул жойбар тек ғана медициналық жәрдем көрсетиў емес, ал аўыр кеселликке шалынған балаларға мүнәсибетти өзгертиўде де әҳмийетли екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, бундай балалардың тилеклери, арзыў-ниетлери ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алыў, олардың жәмийеттиң ажыралмас бөлеги болыў ҳуқықын тәмийинлеў зәрүр.

"Инсан" социаллық хызметлер орайы ҳәр бир бала ушын өз алдына кейс ашады ҳәм зәрүр социаллық хызметлер ҳәм техникалық реабилитация қуралларын алыўда жәрдемлеседи.

Соның ишинде, балалардың талапларынан келип шығып, бейимлестирилген майыплық арбашалары, вертикализаторлар, функционаллық кроватьлар ҳәм төсек жараларының алдын алыўшы матраслар менен тәмийинлеўге жәрдем бериледи.

Ҳәзирги ўақытта Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен балалар хосписин қурыў жумыслары да даўам етпекте.

Хоспис ҳәм жумысын баслаған мобиль хызмет биргеликте аўыр ҳәм емлеўге болмайтуғын кеселликлерге шатылған балалар ҳәм олардың жақынларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған бирден-бир паллиатив жәрдем системасының бир бөлегине айланады.