Мәмлекетимиз басшысы Анкара қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң "Түрк әсири: тилде, пикирде ҳәм жумыста бирдейлик" темасындағы гезектеги саммитинде қатнасады.

Шөлкем шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-логистика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда, сондай-ақ, туризм, экология ҳәм билимлендириў бағдарларында және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Делегациялардың басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысады.

Саммит жуўмақлары бойынша Анкара декларациясы және шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыўға қаратылған бир қатар қоспа қарар ҳәм ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи режелестирилген.