“Jordan River Foundation” фонды жанындағы көргизбе залында халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына кириўши өнермент ҳаял-қызлар тәрепинен қолдан исленген өнимлер көрсетилген. Жойбар миллий өнерментшилик дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақлардың абаданлығын арттырыўды өзинде жәмлеген.
Ҳәр жылы “Jordan River Designs” бағдарламасы шеңберинде 800 ден аслам жергиликли өнермент ҳаял-қызлар жумыс алып барады. Олар Иорданияның бай мәдений мийрасын сәўлелендиретуғын дәстүрий ҳәм заманагөй өнимлер, соның ишинде, кестешилик пенен безетилген интерьер буйымлары, гилемлер, мода аксессуарлары ҳәм сувенирлер жаратпақта.
Зироат Мирзиёева бул бағдардағы жумыслар кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, миллий өнерментшиликти сақлап қалыў ҳәм оны жас әўладқа жеткериўде әҳмийетли екенлигин атап өтти.