Баҳрейн-2025: Өзбекстанның бес алтын медалы
Қызығы сонда, медаллар саны есабында Өзбекстан ҳәм Қазақстан сайланды командалары 5 алтын, 3 гүмис ҳәм 2 бронза медалларын улыўма бирдей муғдарда қолға киргизди. Бокс федерациясының телеграм каналында бириншилер бизлер екени, қазақ сайтларының биринде шерек финалшылар саны бойынша бириншилер екени жазылған. Мениңше, қоңсылас туўысқан мәмлекетлер халықларының дослығы жеңди.