Еки күн даўамында он мәмлекет ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген жарыста Өзбекстан сайланды командасы 5 алтын, 3 гүмис ҳәм 8 бронза, жәми 16 сыйлы орынды ийелеп, улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.
4 алтын, 5 гүмис ҳәм 15 бронза медалы менен Қазақстан сайланды командасы екинши орынды ийелеген болса, 3 алтын, 4 гүмис ҳәм 3 бронза медалды қолға киргизген Әзербайжан командасы үшликти жуўмақлады.
Ақтаў турниринде Фотимахон Турсунбоева (-48 кг), Маржона Нуруллоева (-63 кг), Шынар Ибраева (-78 кг), Ерназар Сарсенбаев (-100 кг) ҳәм Муҳаммадқодир Мансуров (+100 кг) жеңимпаз болды.
Обидхан Номонов (-73 кг), Умар Бозоров (-90 кг) ҳәм Зуфар Уралов (+100 кг) гүмис медалды қолға киргизди.
Бронза медалларын Улбосын Ҳакимова (-48 кг), Сита Қадамбаева (-52 кг), Моҳинур Аллабергенова (-57 кг), Ширинжон Йўлдашева (-70 кг), Дурдона Низомиддинова (+78 кг), Муроджон Йўлдошев (-81 кг), Улуғбек Ўроқов (-90 кг), Абдулла Худоёров (+100 кг) қолға киргизди.
Бул ҳаққында Өзбекстан дзюдо федерациясының телеграм каналы хабар бермекте.
Атап айтқанда, аўыр салмақтағы спортшы Ерназар Сәрсенбаев финалда қазақстанлы Қазбек Ракичевтиң "иппон"ына таза ылақтырыў менен жеңиске еристи.
Жүдә аўыр салмақ категориясындағы беллесиўлерде финал өзбекстанлы еки палўанның ишки исине айланып, онда Зафар Уралов киши жарақаты себепли татамиге шыға алмаған, сол себепли Муҳаммадқодир Мансуров гүрессиз чемпион болған. Сондай-ақ, бул салмақта Абдулла Худоёров бронза медалды қолға киргизди.
-73 кг салмақтағы Обидхан Номонов пенен Айбек Жакашев арасындағы финал ушырасыўы он үш минут даўам етти. Жуўмағында Жакашев чемпион болды, бирақ Обидхан да жақсы гүрес көрсетти.
Ең жеңил салмақтағы финалда Фотимахон Турсунбоева ҳәм Аружан Данайбек арасындағы беллесиўде соңғы секундларға шекем ҳеш ким очко ала алмады. Арыўжан ең соңғы ҳүжимге шырайлы қарсы усыл менен барған ўақытта Фотимахан таза беллесиў менен жеңиске еристи.
63 килограммға шекемги салмақ категориясының финалында қатнасып атырған спортшымыз Маржона Нуруллаева қырғызстанлы Адина Кочконбаеваны бас үстинен ылақтырып, таза жеңиске еристи.











