Бул ҳаққында ўәлаят экология басқармасы хабар берди. Атап өтилиўинше, Жойбар 2025-жыл июльде Экология министрлиги ҳәм "Falcon Hunting Solutions" ЖШЖ менен биргеликте баҳалы қусларды тәбиятқа қайтарыў жойбары әмелге асырылды.

Бул қуслар Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген ҳәм сийрек ушырасатуғын түр есапланады. Олар тәбиятқа бейимлесип, еркин турмыс тәризин қәлиплестиреди - азық табыў, жабайы ҳайўанлардан қорғаныў ҳәм көбейиў қәбилетин раўажландырады.

Жойбар бағдарында жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм эколог қәнигелер де белсене қатнасты.