Жәҳән мийнет базарының талаплары турақлы өзгерип бармақта. Бүгинги күнде дүньяда мийнет мигрантларының саны 168 миллион адамды қурамақта. Бир тәрептен, елимизде сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған пуқаралар болса, екинши тәрептен, бир қатар мәмлекетлерде маман кадрларға талап артып бармақта. Мәмлекетимиз басшысы бул имканиятларды бирлестирип, пуқараларды анық жумыс орынларына мәнзилли таярлаўды шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Кейинги жылларда шөлкемлескен мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў кеңейди. Бурын үш мәмлекет пенен жумыс алып барылған болса, бүгинги күнде олардың саны 27 ге жетти. Бирге ислесиў жолға қойылған ири сырт ел жумыс бериўшилериниң саны дерлик 400 ге көбейди. Он жылда сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымыздың саны 2 есеге азайғанына қарамастан, олар тәрепинен шаңарағына жиберилген пул көлеми 4 есеге артқан. Бул болса пуқараларды жоқары дәраматлы ҳәм жоқары маманлықты талап ететуғын жумыс орынларына жумысқа жайластырыў әҳмийетли екенлигин және бир мәрте көрсетеди.

Соның менен бирге, аймақлардың көрсеткишлери арасында үлкен айырмашылық сақланып қалмақта. Мысал ушын, Ферғана ўәлаятында сырт елде жумыс ислеп атырған бир адамға орташа айлық пул өткермелериниң муғдары 1 мың 850 долларды қураса, айырым аймақларда бул көрсеткиш 400 долларға да жетпейди. Ҳәкимлер, елшилер ҳәм техникумлардың басшыларына пуқараларды жоқары дәраматлы жумысқа таярлаў бойынша жумысларын қайта көрип шығыў ўазыйпасы қойылды.

Германия, Түркия, Словакия ҳәм Қатарда жумыс бериўшилердиң техникумлар менен бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша унамлы мысаллар бар. Басқа мәмлекетлердеги елшилер жергиликли мийнет базарларының имканиятларын анық ваканциялар ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларына айландырыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Европа Аўқамы биринши мәрте миграция стратегиясына Орайлық Азиядан қәнигелер тартыў мәселесин киргизди. Уллы Британияда да 33 мың жумысшыға талап бар. Бирақ, жерлеслеримиз бул мәмлекетке тийкарынан мәўсимлик аўыл хожалығы жумыслары ушын барады. Жумыс бериўшилер менен медицина, логистика ҳәм санаат тараўларында анық келисимлерге ерисиў, Италия менен бирге ислесиў бойынша бар имканиятлардан пайдаланыў, "Жаслар мобиллиги" бағдарламасында қатнасыў мәселесин шешиў бойынша тапсырмалар берилди.

Президентимиз жоқары дәраматлы жумысқа кириў ушын шет тиллерин билиў зәрүр шәртлерден бири екенин атап өтти. Мәмлекетимизде инглис тилин үйренип, тийисли сертификат алған 200 мың жас бар. Оларды АҚШ, Канада, Австралия, Жаңа Зеландия ҳәм басқа да мәмлекетлерде жумыс пенен тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиў зәрүр.

Усы жылдың өзинде Германиядан 45 мың қәниге ушын талап келип түскен болса да, тек ғана 2 мың адам жумыс пенен тәмийинленген. Буның себеплеринен бири – немис тилин билетуғын кадрлардың жетиспеўшилиги. Бул бағдарда кәсип-өнер ҳәм тил үйретиўди биргеликте алып барыў, сырт елли жумыс бериўшилердиң буйыртпаларын техникумлардың билимлендириў бағдарламаларына интеграциялаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ҳәр бир аймақтағы еки-үш техникумда кәсип-өнер менен бирге немис тилин де үйретиўди жолға қойыў ўазыйпасы қойылды. «Telc» компаниясы қатнасыўындағы «Intil» халықаралық оқыў орайында ҳәзирги ўақытта 100 немис тили оқытыўшысын таярлаў басланған. Келеси жылы олар аймақлардағы техникумларға тартылады. Мектеп ҳәм техникумларда сабақ бериў ушын және 500 немис тилинде сөйлейтуғынларды тартыў, жоқары оқыў орынларында немис тили муғаллимлерин таярлаўға мәмлекетлик буйыртпаны 2 есеге арттырыў нәзерде тутылған.

Ўәлаят ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары «Intil» орайының тәжирийбесин үйренип, келеси жылы ҳәр бир аймақта бирден-бир мийнет миграциясы орайын ашады. Бул мақсетлер ушын ҳәр бир ўәлаятқа 8 миллиард сумнан ажыратылады. Келеси жылы 10 мың халықты кәсип-өнер ҳәм немис тилине оқытыў, кейин ала оларды Германияға жумысқа жибериў ўазыйпасы қойылды.

Ири сырт ел компаниялары Өзбекстан техникумлары негизинде өзлерине зәрүр қәнигелерди таярлаўға қызығыўшылық билдирмекте. Соның ушын бир ай мүддетте 20 техникумды таңлап алыў ҳәм олардың билимлендириў бағдарламаларын сырт елли жумыс бериўшилердиң талапларына бейимлестириў режелестирилген. Ҳәр бир аймақта және еки-үш техникумды ири исбилерменлерге басқарыўға бериў режелестирилген. Олар негизинде ҳәр жылы кеминде 30 мың маман қәниге таярланады.

Бундай техникумлар 15 жыл мүддетке басқарыўға бериледи, питкериўшилерге мәмлекетлик үлгидеги маманлық сертификатлары бериледи. Кадрлар таярлаў ҳәм техникумларды үскенелеў қәрежетлерин салыққа тартылатуғын базадан алып таслаў, сырт елде табыслы жумыс ислеген питкериўшилер ушын грантлар ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумысы да талланды. Лицензиялаў тәртиби әпиўайыластырылғаннан соң, еки жылда олардың саны 3 есеге, усы агентликлер арқалы сырт елде жумысқа жайласқан пуқаралардың саны 5 есеге көбейди.

Келеси жылдан пуқараларды сырт елге жумысқа жибериў ўазыйпасы исенимли жеке меншик бәнтлик агентликлерине өткериледи. Жоқары дәраматлы жумысқа кирген ҳәр бир пуқара ушын агентликлерге 1,5 миллион сумнан хошамет пулы төленеди. Агентликлердиң ашық рейтингин жүргизиў режелестирилмекте, оның тийкарғы өлшемлери жумысқа жайластырыў нәтийжелери, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм социаллық кепилликлерди тәмийинлеў болады.

Усы жылдың өзинде 34 мәмлекетте 287 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеў имканияты бар болса да, пуқараларды бул имканиятлар ҳаққында хабардар етиў талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген.

Енди сырт елдеги ҳәр бир жумыс орны, қәнигелерге талап, зәрүр тил билиў ҳәм оқытыў имканиятлары ҳаққындағы мағлыўматлар мәҳәлле дәрежесинде халыққа жеткериледи. "Мәҳәлле жетилиги" сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматларды "Онлайн мәҳәлле" платформасына киргизип барады. Ҳәкимлер ҳәм жуўапкер уйымлар оларды кәсипке ҳәм тилге таярлаў, кейин ала жумысқа орналастырыўға жуўапкер болады. Ўәлаят ҳәкимлери бул жумыслардың нәтийжелерин ҳәр айда, район ҳәкимлери болса айына еки мәрте көрип шығады.

Елшилерден жумыс бериўшилер менен шәртнама дүзиў менен шекленип қалмастан, квота ажыратыў, жумыс визасын рәсмийлестириў ҳәм маманлықты тән алыў мәселелерин экономикалық дипломатия арқалы шешиў талап етиледи. Олар ҳәкимлер менен бирге пуқараларды жумысқа жайластырыўдан баслап, жаңа шараятқа бейимлестириўге шекем жуўапкер болады.

Сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымыздың ҳуқықларын қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Енди қыйын жағдайға түсип қалған пуқаралар мүрәжатын "Онлайн мәҳәлле" платформасында қалдырыўы мүмкин болады. Зәрүр жағдайларда елши олардың машқалаларын шешиў менен жеке өзи шуғылланады. Ҳәкимлерге сырт елде мийнет етип атырған пуқаралардың шаңарақлары, ата-аналары ҳәм перзентлерин қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы жүкленди.

- Сырт елде жумыс ислеп атырған ҳеш бир ўатанласымыз өз машқаласы менен жалғыз қалмаўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте мийнет миграциясынан қайтқан пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери де көрип шығылды. Жыл басынан берли 1 миллион 116 мың халық елимизге қайтып келген. Олардың арасында санаат, қурылыс, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында сырт елде тәжирийбе арттырған қәнигелер де бар. Ҳәкимлер ҳәм тармақ басшылары олардың кәсиплик потенциалынан максимал пайдаланған ҳалда, мүнәсип жумысқа орналастырыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буның ушын мийнет миграциясынан қайтқан пуқараның жумыс орны, кәсиби ҳәм мийнет стажы ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлелендирилетуғын платформа жаратылады. Жылдың ақырына шекем олардың 250 мыңына мүнәсип жумыс табыў, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болғанларға зәрүр жәрдем бериў бойынша көрсетпелер берилди.

Сырт елде жумыс ислеген дәўирде қәлиплескен мийнет стажы ҳәм пенсия ҳуқықларын тән алыў мәселесине де тоқтап өтилди. Бүгинги күнде ўатанласларымыз 40 тан аслам мәмлекетте нызамлы мийнет етип, пенсия төлемлерин әмелге асырмақта. Быйыл бул бағдарда Қырғызстан, Әзербайжан ҳәм Түркия менен еки тәреплеме келисимлерге қол қойылды. Бундай келисимлерге көплеген пуқараларымыз мийнет етип атырған басқа мәмлекетлер менен де ерисиў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте елимизге кирип келип атырған сырт ел жумысшы күшин тәртипке салыў мәселелери де додаланды. Өзбекстанда узақ ўақыт болып туратуғын сырт еллилер саны 250 мыңға шамалас. Олардың 36 мыңы жумыс ислеўге рухсат алған болса, және 24 мыңы студент. Қалған сырт ел пуқараларының бәнтлиги ҳәм дәрамат дәреклери ҳаққындағы мағлыўматларды анықластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буннан тысқары, жаңа жумыс орынларын биринши гезекте елимиз пуқараларына бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте бул тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен сөйлесиў өткерилип, аймақлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды.