Бул мағлыўматлар АИВ инсанның өмирине қаншелли үлкен қәўип туўдырып атырғанын айқын көрсетеди.
Усы мүнәсибет пенен ҳәр жылы 1-декабрь - Дүнья жүзилик АИЖСқа қарсы гүресиў күни сыпатында белгиленип келинбекте.
- Кейинги жылларда Өзбекстан АИВ инфекциясына қарсы гүресиўде үлкен жетискенликлерге еристи, - дейди Республикалық АИЖСқа қарсы гүресиў орайының директоры Баҳром Эгамбердиев. - Бул БМШтың АИЖС бойынша "95-95-95" бағдарламасының стратегиялық мақсетлерине ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, мәмлекетимизде:
АИЖС пенен жасайтуғынлардың 87% өз статусы ҳаққында биледи;
89 процент наўқаслар антиретровирус терапия менен қамтып алынған.
Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў арқалы:
18 жасқа шекемги балаларға АИВна байланыслы напақа тайынланады;
некеден өтип атырған ҳәмиледар ҳаялларды ҳәм халық ўәкиллерин тесттен өткериў;
наўқасларды медициналық бақлаў, сырт елге шығыў, донорлық ҳәм туўылыўды дизимге алыў үстинен анық қадағалаў тәмийинленген.
Наўқаслар қай жерде болыўына қарамастан, медициналық жәрдем ҳәм емлениўди шеклеўсиз алыў имканиятына ийе болды. Дәри-дәрмақ жеткерип бериўдеги үзилислердиң алдын алыў илажлары нәзерде тутылған.
Ҳәмиледар ҳаял-қызларды тексериў менен қамтып алыў 100 процентке жеткерилди ҳәм балаларға АИВ жуқтырыўдың алды алынды.
АИВ инфекциясы анықланған ҳаяллар ҳәм олардың перзентлери антиретровирус препаратларын, 6 айға шекемги жаңа туўылған балалар арнаўлы сүт араласпаларын қабыл етеди.
Районлардағы лабораториялар санластырылып, барлық АИВ скрининг тексериўлериниң нәтийжелери электрон системада жазып барылмақта.
Быйыл 5 миллионнан аслам адам тесттен өткерилген ҳәм анықланған АИВ инфекциясы жағдайларының 95 проценти өз статусын биледи.
Бул илажлардың барлығы қәўипли кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў, ерте басқышларында анықлаў ҳәм нәтийжели емлеў ушын әҳмийетли.








