2025-жылдан мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар есабынан аймақларға бөлистирилген қаржылар бойынша мағлыўматлар тийисли халық депутатлары Кеңеслерине усынылады.
Онда халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң аймақларға Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларынан ажыратылып атырған қаржылар бойынша сораўы ҳәм қадағалаўы жолға қойылады.
Ҳәр шеректе Есап палатасы тәрепинен өткерилген қадағалаў илажларының жуўмақлары бойынша усынылған мәлимлемелер Ҳүкиметтиң мәжилислеринде додалап барылады.
2025-жыл 1-январьдан қаржы ҳәм басқа да қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм уйымлар, устав фондында (устав капиталында) мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған ири шөлкемлерде олардың биринши басшылары басшылығында коллегиал тийкарда "Қәўип-қәтерлерди басқарыў" комитетлери дүзиледи.