Соны есапқа алып, халықтың мүрәжатлары ҳәм сораўларына оператив түрде мүнәсибет билдириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 1003 қысқа "Исеним телефоны" тийкарында 1003 санлы турақлы жумыс алып барыўшы Call-орай шөлкемлестирилди.
Бул байланыс линиясы арқалы пуқаралар күни-түни тәжирийбели қәнигелерден "Электрон рецепт" системасының Ташкент қаласы ҳәм тәжирийбе районларындағы жумысы менен байланыслы сораў ҳәм мүрәжатларына жуўап алыўы мүмкин.








