Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң Ташкент қалалық басқармасы тәрепинен энтеровируслы инфекцияларды жуқтырыўдың алдын алыў бойынша усыныслар таярланды.
Энтеровируслар қалай жуғады?
Инфекцияны жуқтырыўдың тийкарғы жоллары - патас қоллар, жуўылмаған мийўе ҳәм овошлар, қәўипсиз емес ишимлик суўы, сондай-ақ, инфекция жуқтырған адам менен тығыз байланыста болыў.
Энтеровируслардың айырым түрлери дем алыў жолларынан шығатуғын дәретлер ҳәм патасланған буйымлар арқалы жуўыўы мүмкин.
Әҳмийетли! Егер баланың температурасы көтерилген болса, терисинде бөртпелер, аўыз бослығында жаралар пайда болса, өз бетинше емленбең. Өз ўақтында шыпакерге хабарласың.
Әпиўайы гигиена қағыйдаларына әмел етиў - энтеровирус инфекцияларының алдын алыўдың әҳмийетли усылларынан бири.