Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, Самарқанд ўәлаяты тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда усы жылдан Республикалық тез медициналық жәрдем орайының барлық аймақлық филиалларында "Call-back" системасы иске қосылмақта.
Хош, оның әҳмийети неде?
- Халыққа сапалы тез медициналық жәрдем көрсетиў тараў хызметкерлеринен үлкен жуўапкершиликти талап етеди, - дейди орай директоры Абдувоитжон Гафуров. - Бирақ айырым жағдайларда бригадаларымыз тәрепинен орынланған медициналық хызметлердиң сапасы бойынша түрли сын мүрәжатлар келип түседи.
"103" хызметиниң жумысына байланыслы бундай наразылықларды азайтыў, ўатанласларымыздан болып атырған бундай мүрәжатлардың себебин алдыннан анықлап, оларды өз ўақтында сапластырыў мақсетинде усы жылдан баслап барлық аймақлық филиалларда тәжирийбе-сынақ түринде "Call-back" (қайта қоңыраў) системасы жолға қойылмақта.
Ҳәзирги ўақытта усы система арқалы "Тез жәрдем" бригадаларының жумысы турақлы қадағалап барылмақта. Нәтийжеде халықтан болып атырған наразылықлар саны алдынғы жылларға салыстырғанда бираз азайды.
Атап айтқанда, өткен жылдың май-июнь айларында "103" хызметине жәми 783 усындай мүрәжат келип түскен болса, 2025-жылдың тап усы дәўиринде бул көрсеткиш 32,3 процентке азайып, 538 ди қурады.
