Бизлер 13-март-қазақ халқының «Көрисиў-амал мерекеси» күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан-қазақ миллий мәдений орайында болып, орай баслығы Асқар Үмбетаевты байрам менен қутлықладық.
Көп миллетли Қарақалпақстан аймағында ҳәзирги ўақытта 300 мыңға шамалас қазақлар болып, олар усы үлкеде жасаўшы басқа халықлар менен бир атаның балаларындай тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Олардың перзентлериниң өз ана тилинде билим алыўы ушын республикамыз пайтахты Нөкис қаласы ҳәм қазақ халқы көп жыйналған Қоңырат, Хожели, Тақыятас, Беруний, Тахтакөпир, Қараөзек, Шоманай ҳәм Мойнақ районларында 150 ден аслам мектеплерде қазақ тилинде билим бериўши класслар шөлкемлестирилген.
Усы мектеплерде балаларға сабақ бериў ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жети қәнигелик бойынша, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бир қәнигелик бойынша педагог кадрлар таярланбақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен елимиздеги басқа миллет ўәкиллери сыяқлы, қазақ халқының тили, мәденияты, миллий үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин сақлап, оларды келешек әўладларға жеткериў бойынша көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Мине, усындай миллий байрамларымыздан бири 13-март қазақ халқының «Көрисиў күни» байрамы болып табылады. Бул байрам әзелден миллетлер аралық татыўлық, жасларды өз-ара дослық, кеңпейиллик руўхта тәрбиялаў, кем тәмийинленген шаңарақларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў қәдириятларын өзине қамтып алған байрам десек болады. Себеби, усы күни ата-бабаларымыз қыстан аман-есен шыққанына қуўанып, усы сәнеде барлық аўыл-аймақ бас қосып бул мерекени байрамлаған. Сол күни аўыл бийлери айырым себеплер менен өз-ара өкпелесип, қатнаспай жүрген жақын-жуўық, ағайин-туўған, қоңсы-қобаларды ортаға алып, «Мине қысқы тоқсан шығып, жаңа мәўсим кирип келди. Тағы бир жылымыз артта қалды, енди кирип киятырған жаңа жылға таза кеўил менен жақсы нийетлер етип, өкпе-гийнесиз өтейик, бири-бириңизди кешириңлер деп оларды қушақластырып көристирген ҳәм өз-ара жарастырып жиберген.
Мине, сонлықтан усы күни қазақ халқы бир-бири менен қушақ ашып көрисип, елге кирип келген жаңа жыл менен бир-бирин қутлықлайды. Жақсы тилеклер айтып, өткен жылдан қалған өкпе-гийне, қапашылықларды умытып, бул күнди байрам сыпатында кең түрде байрамлайды.
Пурсаттан пайдаланып, барлық республикамыз халқын 13-март-қазақ халқының Амал-көрисиў күни мерекеси ҳәм жақынлап қалған улыстың уллы күни есапланған Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлайман. Илайым аспанымыз ашық, елимиз тыныш болып, халқымыз өз-ара татыўлықта турмыс кешире берсин.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.