Бул ҳаққында "Өзбекнефтьгаз" АЖ мәлим етти.
Атап өтилиўинше, бул кәнде "Өзнефтьгаз бурғылаў жумыслары" ЖШЖ тәрепинен алып барылған бурғылаў жумыслары қыйын геологиялық шараятларға қарамастан, табыслы жуўмақланды.
"Өзбекгеофизика" ЖШЖ тәрепинен өткерилген сынаўлар нәтийжесинде 4 588-4 708 метр тереңлик аралығындағы перспективалы қатламлардан жоқары басым астында тәбийғый газ ағысы алынды.
Ҳәзирги ўақытта жаңа газди тутыныўшыларға жеткерип бериў ушын жер үсти санаат майданларын технологиялық үскенелеў, газ жеткерип бериў қубырлары ҳәм тармақларын қурыў жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, қудықты иске қосыўдан алдын жуўмақлаўшы гидродинамикалық изертлеўлер әмелге асырылмақта.