Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалап, қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Атап өтилгениндей, алдынғы ушырасыўдан берли компаниялардың бирге ислесиўи избе-из раўажланып, салмақлы нәтийжелерге ериспекте. Атап айтқанда, биргеликтеги жумыс ҳаққындағы келисимге қол қойылды, барлық зәрүр корпоратив мақуллаўлар алынды.

Бирге ислесиў Өзбекстан Республикасы менен Әзербайжан Республикасы арасындағы стратегиялық шериклик руўхында раўажланып атырғаны, бул болса нефть-газ тараўындағы биргеликтеги басламаларды буннан былай да жеделлестириўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Әзербайжан тәрепи ерисилген нәтийжелерди ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң унамлы пәтин жоқары баҳалады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер шерикликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңберинде биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.