Атап айтқанда, Миллий режеге бола, 2026-жылдан онкологиялық кеселликлерге шатылған балалар ушын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў есабынан айрықша хызметлер пакетин қаржыландырыў белгиленген.
Бул пакет төмендегилерди өз ишине алады:
дәри-дәрмақлар, соның ишинде, химиотерапия, мақсетли ҳәм иммунотерапия;
заманагөй диагностика, хирургиялық әмелиятлар ҳәм стационар емлеў;
психологиялық, социаллық ҳәм паллиатив жәрдем;
телемедицина, санлы хызметлер ҳәм инновациялық технологиялар;
реабилитация ҳәм саўалыўға шекем болған медициналық хызметлер.
Және бир әҳмийетли тәрепи: Миллий реже шеңберинде Республикалық балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайы және оның аймақлардағы 14 филиалының жумысы жетилистириледи.
Бул арқалы орынларда ерте диагноз қойыў, наўқасларды өз ўақтында бағдарлаў, емлеўдиң сапасын қадағалаў ҳәм қәнигелер арасында аралықтан мәсләҳәтлесиўлерди кеңейтиў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, ЖДСШ, ЮНИСЕФ, халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да шериклер менен биргеликте тараўға қосымша инвестициялар тартыў, заманагөй диагностика имканиятларын кеңейтиў ҳәм медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў режелестирилмекте.
2030-жылға шекем ерисилиўи белгиленген тийкарғы нәтийжелерден бири — балалар онкологиясында диагностика, емлеў, зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм реабилитация қәрежетлерин мәмлекет тәрепинен 100 процент қаплаў системасын қәлиплестириўден ибарат.
ДСМ Баспасөз хызмети.