Бүгин Өзбекстанның айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин

    17 мамыр 2025 589

    Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети агентлигиниң хабар бериўинше, 18-май күни Ташкентте ҳаўа өзгерип турады, түнде ҳәм азанда қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын болмайды.

    Батыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, шығыстан секундына 5-10 метр тезликте еседи. Айрым жерлерде самалдың тезлиги секундына 12-15 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 18-20, күндиз 28-30 дәреже жыллы болады.

    Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Батыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, шығыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Айрым жерлерде самалдың тезлиги шаң-тозаңлар менен бирге секундына 13-18, айырым районларда 20-22 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 13-18, күндиз 25-30 дәреже жыллы болады.

    Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Батыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, шығыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Айрым жерлерде самалдың тезлиги шаң-тозаңлар менен бирге секундына 13-18, айырым районларда 20-22 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 13-18 дәреже жыллы, күндиз 28-33 дәреже ыссы болады.

    Ташкент, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, түнде ҳәм азанда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болады. Батыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, шығыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Айрым жерлерде самалдың тезлиги шаң-тозаңлар менен бирге секундына 13-18 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 17-22 градус, күндиз 28-33 градус ыссы болады.

    Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Батыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, шығыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Айырым жерлерде самалдың тезлиги шаң-тозаңлар менен биргеликте секундына 13-18 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 17-22 градус, күндиз 30-35 градус ыссы болады.

    Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында ҳаўа өзгерип турады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Батыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, шығыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Айырым жерлерде самалдың тезлиги шаң-тозаңлар менен биргеликте секундына 13-18 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 18-23 градус жыллы, күндиз 30-35 градус ыссы болады.

    Республикамыздың таў алды ҳәм таўлы аймақларында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, айырым районларда қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў тасқын ҳәдийселериниң жүзеге келиўи күтилмекте. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Айрым жерлерде самалдың тезлиги секундына 13-18 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 13-18, күндиз 17-22 дәреже жыллы болады.

    Әҳмийетли ўақыялар

    17-19-май күнлери таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates