Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, бул шегирмеден Өзбекстан пуқаралары болған 55 жастан жоқары ҳаял-қызлар ҳәм 60 жастан жоқары ер адамлар — нураный пенсионерлер пайдаланыўы мүмкин.
Шегирме ҳәр жылы еки дәўирде әмел етеди:
2-8-октябрь — "Кекселер ҳәптелиги";
1-30-ноябрь — "Кекселер ушын туризм айлығы."
Жеңиллик (Афросиёб тезжүрер электропоезды буған кирмейди) барлық ишки жөнелислердеги поездларға қолланылады.
Шегирмели билетлерди онлайн тәризде ямаса темир жол билет кассалары арқалы рәсмийлестириў мүмкин.