Қырғыз Республикасы Президенти, ҳүрметли Садир Нурғожоевич Жапаровқа бүгинги “ШБШ плюс” мәжилисин өткериў бағдарындағы басламасы ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бүгин биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң әдалатлы дүнья тәртибин қәлиплестириўдеги ролин додаламақтамыз. Дүньяда жүз берип атырған өзгерислер шараятында мәмлекетлер ҳәм регионаллық бирлеспелер глобаллық институтларға олардың универсал ўазыйпасын және де нәтийжели әмелге асырыўда қандай жәрдем бериўи мүмкин екенлигин анықлап алыў әҳмийетли.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми өзиниң орайлық, муўапықластырыўшы ролин сақлап қалыўы, регионаллық структуралар болса, бәринен бурын, жергиликли шараятлар, зәрүрликлер ҳәм имканиятларға сүйенген ҳалда улыўмалық принциплер ҳәм қарарларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў арқалы оның ҳәрекетлерин толықтырыўы лазым. Әне, усындай үнлесликте биз өмир бағышлайтуғын көп тәреплемеликтиң тийкарын көрмектемиз.

Жаңа дүнья тәртиби тек ғана халықаралық қатнасықлар системасындағы глобаллық күшлер салыстырмасын беккемлеўи емес, ал регионаллық машқалалардың әдиллик пенен шешилиўине де хызмет етиўи керек.

Бундай логикадан келип шыққан ҳалда, “ШБШ плюс” форматы Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң тек ғана кеңейтилген мәжилиси шеңберинен шығып, айрықша терең мазмунға ийе болады. Бул сөйлесиў майданы мәмлекетлер, регионлар ҳәм шөлкемлерди улыўма күн тәртиби әтирапында бирлестириўге уқыплы. Бул жерде ҳәр қыйлы басламаларды өз-ара үйлестириў ҳәм глобаллық басқарыў архитектурасын қәлиплестириў бойынша сөйлесиў алып барыў зәрүр.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Өзбекстан Евроазия мәканында ашық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў тәрепдары.

Биз ушын өз-ара байланыслылық – стратегиялық бийғәрезлик ҳәм турақлылық мәселеси болып табылады.

Биз сондай көп полюслилик тәрепдарымыз, ол жаңа ажыратыўшы сызықларды пайда етпейди, ал имканиятлар мәканын кеңейтеди, регионаллық жойбарлар ҳәм басламалар өз-ара бәсекилеспейди, ал бир-бирин нәтийжели толықтырады.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Бир қатар усынысларды алға қоймақшыман.

Бәринен бурын, “ШБШ плюс” форматын регионлараралық сөйлесиў майданы сыпатында раўажландырыўды әҳмийетли, деп есаплайман.

Турақлы өсиў, жоқары технологияларды енгизиў, климатқа бейимлесиў, инсан капиталын раўажландырыў, ҳәммеге қолайлы билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы анық бағдарларға итибар қаратыўды усыныс етемен.

Биз тәжирийбе алмасыўды және де кеңейтиў, көзқарасларды муўапықластырыў ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде шешимлерди биргеликте алға қойыўымыз зәрүр.

“ШБШ плюс” регионаллық шөлкемлердиң Бирге ислесиў тармағын жаратыў ушын платформа болып хызмет етиўи мүмкин.

Тийкарғы ўазыйпа – макро регионымызда жойбарларды биргеликте әмелге асырыў мақсетинде олардың секретариатлары ҳәм қәнигелескен уйымлары арасында турақлы жумысшы байланысларды жолға қойыўдан ибарат.

Соның менен бирге, БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде регионаллық шөлкемлердиң потенциалынан және де жедел пайдаланыў зәрүр.

Көплеген мәмлекетлер уқсас машқалаларға дус келмекте. Бирақ олар бойынша бир регионда табыслы қолланылып атырған шешимлер көп жағдайларда басқа регионларда белгисиз болып қалмақта.

Тәжирийбе алмасыў механизми сыпатында тәбияттан пайдаланыў, “жасыл” энергетика, санлы хызметлер ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында регионлараралық жойбарлар ҳәм технологиялардың Ашық банкин қәлиплестириўди усыныс етемен.

Макрорегионымызда кең көлемли экономикалық кооперацияны буннан былай да раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Бизнес барлық жерде базарларға кириў тәртип-қағыйдаларының әпиўайыластырылыўы, трансшегаралық коридорлардың иске қосылыўы ҳәм тиккелей инвестициялар ағымы көринисинде әмелий нәтийжелерди сезиўи керек.

Нәтийжелиликтиң мине усындай анық көрсеткишлерине итибар қаратып, “ШБШ Инвест” форумына турақлы жумыс алып баратуғын платформа түрин бериўди усыныс етемен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өткен шерек әсир даўамында ШБШ сиясий системалары, мәдений дәстүрлери ҳәм халықаралық процесслерге көзқараслары ҳәр қыйлы болған мәмлекетлер арасында бирге ислесиў бойынша теңсиз тәжирийбе топлады.

Бул кең көлемли алмасыўды раўажландырыў мақсетинде “ШБШ плюс” мәдениятлар ҳәм цивилизациялар турақлы форумын шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Бул илажды БМШтың мәпдар структуралары менен биргеликте елимизде, илим ҳәм ағартыўшылықтың әййемги орайы болған Хийўа қаласында өткериўге таярмыз.

Ҳүрметли дослар!

Биз “ШБШ плюс” форматында заман талап етип атырған сөйлесиў майданын көрип атырғанымызды және бир мәрте атап өтиўге руқсат еткейсиз. Мәмлекетлер ҳәм регионлар арасындағы уқсаслық ноқатлары қаншелли көп болса, турақлылық ҳәм өз-ара исеним ушын тийкар соншелли беккем болады.

Өзбекстан буннан былай да улыўма абаданлықты беккемлеў ҳәм көп тәреплеме шерикликти раўажландырыўға салмақлы әмелий үлес қосыўға таяр.