Мәмлекетимиз басшысы Иордания Патшасына Өзбекстан делегациясына көрсетилген айрықша миймандослық ҳәм шын жүректен қабыллағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, кейинги жылларда мәмлекетимиз ерисип атырған үлкен жетискенликлерди жоқары баҳалады.

Жоқары дәрежедеги сапар алдынан шөлкемлестирилген бир қатар илажлар еки мәмлекет арасындағы байланысларды және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыўдан соң еки мәмлекет басшыларына жоқары мәмлекетлик сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Президентимизге Иорданияның жоқары мәмлекетлик сыйлығы – "Ал-Ҳусайн ибн Али" ордени салтанатлы түрде тапсырылды.

Өзбекстан Президенти бул жоқары сыйлықты мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қосқан үлесиниң тән алыныўы сыпатында ғана емес, ал Иордания Патшасы тәрепинен өзбек халқына болған терең ҳүрметиниң, көп қырлы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибардың айқын көриниси сыпатында қабыл етип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы, өз гезегинде, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиў қатнасықларын беккемлеў, сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды избе-из раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын Иордания Патшасын "Олий Даражали Дўстлик" ордени менен сыйлықлады.

Атап өтилгениндей, бул сыйлық Патша Абдулла II ибн ал-Ҳусайнның еки тәреплеме қатнасықларды кеңейтиў жолындағы үлкен ҳәрекетлерине Өзбекстан мәмлекети ҳәм халқының терең ҳүрметиниң көриниси болып есапланады.

Иордания жетекшиси жоқары ҳүрмет ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдирип, бул сыйлықты пүткил Иордания халқына, мәмлекетлеримиз арасындағы әзелий дослық байланыслары ҳәм беккем бирге ислесиўге болған айрықша ҳүрмет белгиси сыпатында қабыл ететуғынын атап өтти.