Соның ишинде, 2 535,1 килограмм алтын биржа арқалы сатылған болып, оның 1 грамы ушын орташа баҳа 977,5 мың сумды қураған. Гүмис саўдаларының көлеми 377 килограмға тең болып, 1 грам ушын орташа баҳа 11 325,2 сум болған.
Усы жылдың биринши айында исбилерменлер биржа арқалы 195,7 килограмм алтын сатып алған. Январ айы даўамында 1 грамм алтынның орташа баҳасы 1 122,2 мың сумға жеткен, бул болса өткен жылғы көрсеткиштен сезилерли дәрежеде жоқары.
Қымбат баҳалы металлардың басланғыш баҳасы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң биржа келисим дүзилген сәнедеги курсына муўапық, Лондон қымбат баҳалы металлар базары ассоциациясының соңғы азанғы фиксинги тийкарында белгиленеди.
Ҳәзирги ўақытта Лондон базарында алтынның 1 унциясы ушын белгиленген баҳа 2 931,9 АҚШ долларын қурамақта.
Биржа базарында "Алмалық КМК" АЖ ҳәм "Наўайы КМК" АЖ қымбат баҳалы металларды сатыўшы компаниялар сыпатында қатнаспақта. Қарыйдарлар тийкарынан санаатта қолланылатуғын өнимлерди қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған кәрханалар ҳәм зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар болып есапланады.
"ӨзРТШБ" АЖ мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, трой унциясы баҳалы металлар саўдасында тийкарғы өлшем бирлиги сыпатында пайдаланылады. Бир трой унциясы 31,1 граммға тең.