Атап айтқанда, пайда салығының базалық ставкасы 15 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 12 процент, социаллық салық 12 процент, айланыстан алынатуғын салықтың базалық ставкасы 4 процент, қосымша қун салығы 12 процент, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық 1,5 процент муғдарында сақланып қалынбақта.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ушын пайдаланылатуғын суў бойынша суў салығының ставкасы 1 куб метр ушын 100 сум муғдарында сақлап қалынбақта.
2025-жыл 1-январьдан фильтрли сигареталарға акциз салығының 10 процентлик адвалор бөлегин бийкар етиў ҳәм ишки базар ушын ставканы 19,7 процентке – 300 мың сумға шекем (әмелде – 250,7 мың сум), импорт етилетуғын сигареталар ушын – 330 мың сумға шекем арттырыў усыныс етилмекте (әмелде – 325 мың сум).
2025-жыл 1-июльден баслап болса импорт етилген ҳәм жергиликли сигарет ушын акциз салығының ставкаларын бирдейлестирип, мың данасы ушын 340 мың сум муғдарында белгилеў усыныс етилмекте.
1-январьдан баслап басқа темеки өнимлерине акциз салығын арттырыў усыныс етилмектеҮ қурамында никотин болған суйықлықлар (вейплар) ушын дерлик 3 есе – 1 мл ушын 2000 сумға шекем (ҳәзир 670 сум), сигаралар ушын – данасына 20 мың сумға шекем (ҳәзир 6400 сум), қыздырылған темеки ушын – килограммына 450 мың сумға шекем (ҳәзир 382 мың сум), шегилетуғын, орама ҳәм шылым ушын темеки өнимлерине – 1 кг ушын 600 мың сумға шекем (ҳәзир 382 мың сум).
1-январьдан баслап жергиликли алкоголли өнимлер (арақ, коньяк ҳәм басқалар) ушын акциз салығының ставкасы 10 процентке индексацияланып, 1 литр спирт ушын 44 мың сумды (әмелде 40 мың сум) қурайды. Импорт етилетуғын товарлар ушын болса 25 процентке – 101,5 мың сумнан 76 мың сумға шекем азайтылады.