2026-жылы жергиликли жаңа қус түри пайда болады

    10 наурыз 2025 1176

    Өзбекстанда ири агроқусшылық кластери шөлкемлестирилип, 1 миллион тонна қус гөшин жетистириў режелестирилген болып, 2026-жылы жергиликли жаңа қус түри жаратылады.

    Аўыл хожалығы министри Самарқанд районындағы "Навобод наслли парранда" фермер хожалығында болып, агроқусшылық кластери жойбарының презентациясы менен танысты.

    Бул хожалық жылына 17 мың тонна қус гөшин жетистиреди ҳәм 75 миллион инкубатор шөжесин асырады. Жаңа агроқусшылық кластери иске қосылғаннан соң, 100 мың бас нәсилли ата-ана падасы, 5 миллион бас екинши тәртипли нәсилли қус, 875 миллион дана инкубациялық мәйек, 700 миллион бас бир күнлик шөже ҳәм 1 миллион тонна қус гөшин жетистириў нәзерде тутылған. Ең итибарлысы, 2026-жылы Өзбекстанда жергиликли жаңа қус түри пайда болады.

    Буның ушын зәрүр болған 700 миллион тонна азықлық ислеп шығарыў кооперация тийкарында жолға қойылады. Нәтийжеде жыллық экспорт көлеми 180 миллион АҚШ долларына жетиўи күтилмекте.

    Министр жойбар менен танысып, оның перспективалары бойынша жуўапкерлер менен пикир алысты. Сондай-ақ, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларында да жумысты кеңейтиў мәселелери көрип шығылып атырғаны атап өтилди. Самарқанд ўәлаятының үш районында "Бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында шөже жетистириў ҳәм олардың азықлығын тәмийинлеў бойынша жумыслар басланған.

    Бул система мәҳәлле халқының дәраматын арттырыўға да хызмет етпекте. Мысал ушын, бир шаңарақ 40 күн даўамында 500 бас шөжени жетистирип, 9 миллион сумға шекем сап пайда алыўы мүмкин. Ҳәзирги ўақытта бул жойбарға қызығыўшылық билдирип атырған мәҳәллелеслердиң саны артып бармақта.