Ҳүжжет экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен жәрияланған болып, халықтың турмыс дәрежесин, реал дәраматларын арттырыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиўге қаратылған.
Инфляциядан төмен болмаған индекслеўди нәзерде тутқан алдынғы стратегиядан (2025-2027) парықлы түрде, жаңа бағдарлама төлемлердиң реал өсиўин нәзерде тутады.
Сондай-ақ, социаллық салық жеңилликлерин бериў шәртлерин қатаңластырыў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, 2028-жылға шекем хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўында - тек ғана 30 жасқа шекемги хызметкерлер ушын, олардың мийнет ҳақысы 3 миллион сумнан артық болған жағдайда, 2028-жылға шекем 1 процент муғдарында социаллық салықтың төменлетилген ставкасын сақлап қалыў.
Қаржы министрлигиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылы Пенсия қорына мәмлекетлик бюджеттен трансфертлердиң көлеми 20 триллион сумнан асламды қураған болса, 2028-жылға барып 26 триллион сумға шекем артады, бул 2023-жылға салыстырғанда дерлик еки есеге көп.
Стратегияда есап-санақлар да көрсетилген: мәмлекетлик секторда мийнет ҳақыны 1 процентке арттырыў ушын бюджеттен 1,67 триллион сум қаржы талап етиледи; пенсиялардың тап сондай өсиўи - 861 млрд. Напақа алыўшы шаңарақлар санының 10 процентке артыўы дерлик 1,6 триллион сумға шамалас қосымша қәрежетлерге алып келеди.








