баннер
31 Mar 2025
02:43

    "Ташкент - Әндижан" ҳәм "Ташкент - Самарқанд" жолларында айдаўшы ҳәм жолаўшылар ушын ҳәр қыйлы төлемли хызметлер жолға қойылады

    Мәмлекетимиз басшысына автомобиль жолларын қурыў жойбарларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Мәмлекетимизде жәми 184 мың километрден аслам автомобиль жолы бар. Таллаўларға бола, халықаралық әҳмийетке ийе жолларымыздың 25 проценти үлкен жүклемеде ислемекте. Мәселен, күнине 32 мың автомобильге мөлшерленген "Ташкент - Самарқанд" жолында 45 мың транспорт ҳәрекетленбекте. Тығылыс себепли гейде буған 6 саатқа шекем ўақыт кетип атыр. 2030-жылға барып ҳәрекет тезлиги 80 мыңнан артыўы мүмкин.

    Өзбекстан Президентиниң 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарында заманагөй автомобиль жолларын шөлкемлестириў перспективалары белгиленген еди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, биринши гезекте, халыққа қолайлықлар жаратыў, миллий экономикада логистика шынжырларын беккемлеў болып есапланады.

    Усы қарарға муўапық, Ташкенттен Самарқандқа ҳәм Әндижанға алып барыўшы альтернатив жоллар қурыў үстинде жумыс алып барылмақта. Соның ишинде, Жәҳән банкиниң қатнасыўында "Ташкент - Әндижан" жолы жойбарластырылды. Январда оны қурыў бойынша халықаралық тендер жәрияланды. Қысқа ўақытта оған 30 дан аслам абырайлы сырт ел компаниялары қызығыўшылық билдирди.

    Улыўма узынлығы 314 километр болған бул тез жүрер магистраль пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде Ташкент пенен Әндижан арасындағы қатнаў ўақты 5 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Сондай-ақ, бул жалпы ишки өнимди 2,6 процентке арттырып, автоаварияларды 40 процентке азайтыў имканиятын береди.

    Және бир жойбар Ташкент пенен Самарқандты байланыстыратуғын қосымша жол қурыўға қаратылған. Сырт елли қәнигелердиң қатнасыўында оның техникалық-экономикалық тийкарлары ислеп шығылған. Бул жаңа жолдың узынлығы 300 километр әтирапында болады. Оның нәтийжесинде Ташкент пенен Самарқанд арасындағы қатнаў ўақты 4,5 сааттан 2,5 саатқа шекем қысқарады. Ҳәзирги бар жолда тығылыс бираз азаяды.

    Улыўма, бул жаңа жоллар барлық заманагөй талапларға жуўап беретуғын, альтернатив ҳәм қолайлы болады. Оларда айдаўшы ҳәм жолаўшылар ушын түрли төлемли хызметлер жолға қойылады. Қурылыс процесинде жергиликли қурылыс кәрханалары да қатнасыўы мүмкин болады.

    Транспорт министри усы жойбарлардың жағдайы бойынша презентация етти. Геодезия жумысларын жеделлестирип, жоллар аймағын таярлаў, қурылысқа қаржы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилерди тартыў мәселелери көрип шығылды.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech