Илаж Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Балалар омбудсманы, UzReport мәлимлеме агентлиги, Халықаралық Нордик университети ҳәм IDC билимлендириў орайының жәрдеминде өткерилди.

Олимпиада өзбек тили ҳәм әдебиятын терең үйрениў, талантлы педагогларды анықлаў ҳәм хошаметлеў, ана тили мәдениятын үгит-нәсиятлаўға қаратылған мәдений-ағартыўшылық баслама болды.

Биринши мәрте 21-октябрь - Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен өткерилген бул олимпиада мәмлекетимиз бойынша 10 мың 507 муғаллимди қамтып алды. Таңлаў басқышынан өткен 79 педагог финалға шекем жетип барды. Олардың билими ҳәм кәсиплик шеберлиги тест сынақлары ҳәм шығарма жазыў арқалы баҳаланды.

Жазыўшылар қыябанында «E voh» атамасында ағартыўшылық ҳәм әдебий ушырасыўлар болып өтти. «Ma’rifat ulashib» жойбары шеңберинде Жазыўшылар аўқамының ағзалары - Даврон Ражаб ҳәм Дадахон Муҳаммадиевтиң қатнасыўында дөретиўшилик кеше ҳәм поэзиялық оқыў болып өтти.

Ағартыўшылық илажлары бүгин - 20-октябрь күни де даўам етеди.