Жолларда автомобильлердиң санын азайтыў атмосфераға зыянлы шығындыларды
азайтыўға, ҳаўа сапасы ҳәм адамлардың саламатлығына унамлы тәсир көрсетиўге,
углерод изин азайтыўға хызмет етеди.
Факт: Автомобильлерден ўаз кешиўге шақырған дәслепки акциялар айырым
мәмлекетлерде 1950-жылларда өткериле баслаған. 1956-1957-жыллары Голландия ҳәм
Бельгияда "автомобильсиз екшемби" өткерилди. 1990-жыллардың ақырында
Европа қалаларында автомобильлерден пайдаланыўды шеклеў бойынша жойбарлар
әмелге асырыла басланды. 2000-жыл 22-сентябрьде биринши Европа автомобильсиз
күни өткерилди. Кейин ала баслама дүньяның басқа мәмлекетлери ҳәм қалаларында
да кеңнен ен жайды.
Экология ҳәм
климат өзгериўи бойынша миллий комитет, Транспорт министрлиги, БМШ Раўажланыў
бағдарламасы (UNDP) ҳәм Глобал экологиялық фонд (GEF) 22-сентябрь күни
Өзбекстан халқын жеке автомобильде ҳәрекетлениўден ўаз кешип, жәмийетлик
транспорт, велосипед ямаса пияда жүриўдиң экологиялық таза усылларын таңлаўға
шақырады.
Ҳәр бир күн
автомобильсиз өтиўи ҳаўаның патасланыўын азайтыў ҳәм қолайлы қала орталығын
жаратыў жолында киши, бирақ әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин.
Биз экологиялық
таза транспортты таңлаў арқалы қалаларды халық ушын қолайлы етемиз.