"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 4-6 градус жыллы, күндиз 6-8 градус жыллы.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 10-15 градус жыллы болады.
Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 10-15 градус жыллы болады.
Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;
ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде жаўын жаўады. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-6 градус жыллы, күндиз 6-11 градус жыллы болады.
Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;
ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде жаўын жаўады. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди. Ҳаўаның температурасы түнде 2-7 градус жыллы, күндиз 8-13 градус жыллы болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде жаўын жаўады. Батыстан ескен самал бағытын өзгертип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди. Температура түнде 1-6 градус жыллы, күндиз 8-13 градус жыллы болады.
Республиканың таўлы аймақлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын жаўады, қарға айланады), думан түсиўи мүмкин. Ташкент ўәлаятының таўлы аймақларында (2000 м ден жоқары) қар көшиўи қәўпи бар. Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 2-7 градус жыллы болады.