Агентликке қарағанда, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 дәреже жыллы, күндиз 6-8 дәреже жыллы болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндизги ўақытлары 2 градус суўық - 3 градус жыллы болады.

Бухара Наўайы ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, кешке қарай бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық-3 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы, Наўайы ўәлаятының арқасында температура түнде 3-8 градус суўық, күндиз 2 градус суўық-3 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Самарқанд ўәлаятында кешке қарай бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық - 3 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 дәреже жыллы, күндизги ўақытлары 7-12 дәреже жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 4-9 градус жыллы болады.

Республиканың таўлы аймақлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятлары аймақларында қар көшиў қәўпи бар. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 2-7 градус жыллы болады.