"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен қар жаўады. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Шығыс-батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2-4 градус суўық, күндиз 0-2 градус суўық болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа алағат бултласып, ўақты-ўақты қар жаўады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық, Үстиртте түнде 15-20 градус суўық, күндиз 5-10 градус суўық болады.

Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;

ҳаўа алағат бултласып, ўақты-ўақты қар жаўады. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 17-22 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаныӊ температурасы түнде 2-7 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы, Наўайы ўәлаятыныӊ арқасында түнде 5-10 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;

ҳаўа алағат бултласып, ўақты-ўақты қар жаўады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 2 градус суўық-3 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

ҳаўа алағат бултласып, ўақты-ўақты қар жаўады. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 17-22 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

ҳаўа алағат бултласып, ўақты-ўақты қар жаўады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура түнде ҳәм күндиз 2 градус суўық-3 градус жыллы болады.

Республиканың таўлы аймақлары;

ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 3-8 дәреже суўық болады.