30-апрель күнги ҳаўа-райы мағлыўматы жәрияланды

    29 сәуір 2025 1354

    Ертең Республикамызда ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    "Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 14-16 градус, күндиз 26-28 градус жыллы болады.

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13 градус, күндиз 18-23 градус жыллы болады.

    Бухара ўәлаяты;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

    Наўайы ўәлаяты;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

    Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18 градус, күндиз 25-30 градус жыллы болады.

    Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 28-33 градус жыллы болады.

    Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 28-33 градус жыллы болады.

    Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13 градус, күндиз 18-23 градус жыллы болады.