Агентликтиң хабарына қарағанда, усы жылдың 4-январь күни Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, кеште жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-3 градус суўық, күндиз 3-5 градус жыллы болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты:

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 1-6 градус жыллы болады.

Бухара, Наўайы ўәлаятлары:

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 1-6 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары:

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 1-6 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары:

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық - 3 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары:

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түседи. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары:

ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиў қәўпи бар. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.