46 мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкилине "Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы" көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды

    25 желтоқсан 2024 197

    Бүгин, 25-декабрь күни пайтахтымыздағы "Ренессанс кино үйи"нде "Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы" көкирек белгисин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

    Онда, мәденият министри Озодбек Назарбеков, мәденият министрлигиниң басшылығы, орайлық аппараты, система шөлкемлериниң басшылары қатнасты.

    Илажды мәденият министри Озодбек Назарбеков ашып берип шығып сөйледи.

    "Инсан қәлби, санасы ҳәм пикирин ийгиликли идеялар тийкарында қәлиплестириўге мүнәсип үлес қосып киятырған сиз - жанкүйер тараў хызметкерлериниң жумысын ҳәр қанша тән алсақ арзыйды.

    Сизлер менен биргеликте 2024-жылы жүдә көплеген илажларды табыслы өткердик.

    Елимизде абырайлы халықаралық әнжуманлар, таңлаўлар, фестиваллар, аймақлардың мәденият күнлери, сырт мәмлекетлерде Өзбекстан мәденият күнлери, кино күнлери, мәҳәллелер, аўылларда мәдений-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирилди.

    Булардың бәрин тиккелей сизлердиң билим ҳәм потенциалыңыз, талант ҳәм шеберлигиңиз, тәжирийбеңизге сүйенген ҳалда өткердик.

    Буның ушын бәршеңизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Жеке мен сизлердиң ҳәр бириңизди пидайы деп атаған болар едим. Себеби мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс алып барыў аңсат жумыс емес. Буны тараўдың ишине кирген адам ғана биледи. Усы мәнисте, ҳәр бириңиз мен ушын пидайысыз.

    Бүгинги байрам илажы бәнеси менен пидайы кәсиплеслеримизден бир топарын "Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы" көкирек белгиси менен сыйлықлаймыз. Бул тән алыўға миясар болғанларды шын жүректен қутлықлап, табысларыңыз даўамлы болсын", - деди Озодбек Назарбеков.

    Соң мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, өзбек миллий мәденияты ҳәм көркем өнериниң абырайын дүнья көлеминде арттырыўда пидайы мийнет еткен, сондай-ақ, өзиниң көп жыллық нәтийжели мийнети менен тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ҳәм жоқары дәрежеде өтиўинде өзиниң хызмети, мийнети, пидайылығы менен қатнасқан мәденият ҳәм көркем өнер тараўының 46 ўәкилине министр Озодбек Назарбеков тәрепинен "Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы" көкирек белгиси төмендегилерге салтанатлы түрде тапсырылды:

    Давлетназарова Алмахан Шариповна - Қараөзек районы мәденият бөлими, Қараөзек АПЖ мәденият орайының директоры

    Боймирзаева Махпузахон Чуранбоевна - Ташкент қаласы Учтепа районы мәденият бөлими "Дурдона" халық фольклор этнографиялық жәмәәтиниң көркем басшысы

    Жалилов Отабек Мусурмонович - Қашқадәрья ўәлаяты Шаҳрисабз қалалық мәденият бөлиминиң баслығы

    Бабамурадова Рано Саидмуродовна - Сурхандәрья ўәлаяты көзи әззилер арнаўлы китапханасының Сариосиё районлық филиалының баслығы

    Нам Наталя Андреевна - Ташкент қаласы Мәденият басқармасы Мирабад районы 4-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң хор муғаллими

    Умаров Мамур Боташикович - Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты "Көркем өнертаныў ҳәм мәденияттаныў" кафедрасы профессоры

    Азимов Махмуджон Махсутович - Ташкент қаласы Шайхонтохур районы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры

    Абдуллаев Дилмурод Рамазонович - Наўайы ўәлаяты "Өзбекконцерт" мәмлекетлик мәкемесиниң бөлими хызметкери

    Хўжаев Дилмурод Бакиевич - Бухара ўәлаяты "Өзбекконцерт" мәмлекетлик мәкемеси бөлиминиң баслығы

    Зарипхан Камилла Сингатуллаевна - Карим Зарипов атындағы республикалық эстрада ҳәм цирк колледжиниң муғаллими

    Рахманов Абдивали Холикович - Қашқадәрья ўәлаяты Қуўыршақ театрының сахна басқарыўшысы

    Хуррамов Сухроб Нумонович - Өзбекстан мәмлекетлик драма театрының актёры

    Карабанова Яна Валентиновна - Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы комедия (оперетта) театрының бас хормейстер

    Мигнарев Абдухалил Абдуллаевич - Еркин дөретиўши (Актёр)

    Холирзаев Бойир Мирзаалиевич - Еркин дөретиўши (Актёр)

    Халхўжаев Рустам Абдухалик улы - Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Жиззақ ўәлаятлық аймақлық бөлиминиң екинши категориялы артист-мақамшысы

    Абдувахобов Обиджон Асатуллаевич - Өзбек миллий мақом көркем өнери орайы Жиззақ ўәлаятлық аймақлық бөлиминиң екинши категориялы артист-сәзендеси

    Хасанова Фароғат Валибаевна - Өзбек миллий мақом көркем өнери орайы Жиззақ ўәлаятлық аймақлық бөлиминиң категориясыз артист-мақомшысы

    Ҳайдаров Қутлуғ Ҳамдамович - Өзбек миллий мақом өнери орайы Жиззақ ўәлаятлық аймақлық бөлиминиң биринши категориялы артист-мақомшысы

    Абдуллайев Дониёрбек Хайрулло улы - Өзбек миллий мақом көркем өнери Наманган ўәлаяты аймақлық бөлиминиң көркем басшысы

    Шорахимова Ёрқиной Махмудовна - Өзбек миллий мақом көркем өнери Наманган ўәлаяты аймақлық бөлиминиң 2-категориялы артист-мақомшысы

    Холдорхўжаев Орифхон Саидхўжаевич - Өзбек миллий мақом көркем өнери Наманган ўәлаяты аймақлық бөлиминиң 2-категориялы артист-мақомшысы

    Умаров Музаффар Нуралиевич - Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Сырдәрья ўәлаяты аймақлық бөлиминиң 1-категориялы артист мақамшысы

    Худайберганов Кувондик Эгамович - Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Сырдәрья ўәлаяты аймақлық бөлиминиң 1-категориялы артист мақамшысы

    Ибрагимов Нуриддин Басимович - Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Сырдәрья ўәлаяты аймақлық бөлиминиң мақамшы сазендеси

    Ғофурова Лутфия Мурадиллаевна - Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Сырдәрья ўәлаяты аймақлық бөлиминиң екинши категориялы артист мақамшысы

    Бахридинов Фаёзжон Тожибоевич - "Өзбек миллий мақом көркем өнери орайы" Қашқадәрья ўәлаяты аймақлық бөлими - 2-категориялы артист мақомшысы

    Тасов Умиджон Ниёз ули - Өзбек миллий мақом көркем өнери орайы Қашқадәрья ўәлаяты аймақлық бөлиминиң категориясыз артист мақомшысы

    Боймаматова Нозима Ҳамдам қизи - Өзбек миллий мақом көркем өнери орайы Қашқадәрья ўәлаяты аймақлық бөлиминиң категориясыз артист сазендеси

    Абдуллаев Элдор Нуржовович - Өзбек миллий мақом көркем өнери орайы Қашқадәря ўәлаяты аймақлық бөлиминиң 2-категориялы артист сазендеси

    Сабиров Матякуб Дурдиевич - Өзбек миллий мақом көркем өнери орайы Хорезм ўәлаяты аймақлық бөлиминиң категориясыз категориялы артист-сазендеси

    Аллаберганов Шаназар Шамуратович - Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Хорезм ўәлаяты аймақлық бөлиминиң категориясыз категориялы артист-сазендеси

    Ниязметов Ганижан Жуманязович 2021-жыл 26-октябрьде қайтыс болды. - Хорезм ўәлаяты "Хорезм" мақамшылар ансамбльи сазендеси

    Рахимова Имсиной Хайтбоевна - Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Хорезм ўәлаяты аймақлық бөлиминиң категориясыз артист-мақамшысы

    Акбаров Абдулла Махсуталиевич - Марғилан қалалық музыкалы мақом театрының драма артисти (аския бойынша)

    Жаббаров Рахматулла Маматович - Өзбекстан қырғыз миллий мәдений орайының баслығы

    Мамедов Мобил Якуб-огли - Республикалық әзербайжан миллий мәдений орайының баслығы

    Машарипов Эркебай - Өзбекстан Көркем өнер академиясы жанындағы Камолиддин Беҳзод атындағы Миллий художниклик ҳәм дизайн институты театр безеўи реңли сүўретлеў кафедрасы доценти, Көркем дөретиўшилер аўқамы Реңли сүўретлеў бөлими ағзасы

    Кулдашев Қаҳрамон Абдукаримович - Өзбекстан Көркем өнер академиясының Баспасөз хаткери - мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси

    Джураева Гулчеҳра Садиковна - Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери

    Каххоров Тохир Юлдашевич - Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери

    Ходжамбердиева Замирахон - Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы

    Маллабаев Авазбек Ганижанович - Әндижан мәмлекетлик университети көркем өнертаныў факультети "Мусиқий тәлим" кафедрасы профессоры, композитор

    Холхўжаева Нигора Хакимовна - Мийнет ветераны, Еркин дөретиўши

    Алиева Назокат Шавкат қизи - Карим Зарипов номидаги республика эстрада ва цирк коллежи оқытыўшысы

    Махкамов Отабек Эркинович - Еркин художник

    Мағлыўмат ушын, 2024-жыл даўамында "Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы" көкирек белгиси пидайы мийнет еткен 300 ден аслам мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллерине тапсырылған.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates