5 питкериўшиниң жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди

    Көпшиликке белгили болғанындай соңғы жыллары мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында жаслардың оқып билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

    Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында питкериўши курс студентлерин турақлы жумыс орынлары менен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, «Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы» шөлкемлестирилди. Онда республикамыздағы 80 мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер 112 бос жумыс орны менен қатнасты.

    Ярмаркада Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң бөлим баслығы Саламат Еримбетов ҳәм Өзбекстан Миллий банки Қарақалпақстан филиалы қәнигеси Наўрыз Ибраимовлар илаж қатнасыўшыларына мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлеринде бар жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.

    -Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, студент-жасларды кәсип-өнер ийелеўге бағдарлаў, жумысқа жайластырыў мақсетинде, шөлкемлестирилген бул мийнет ярмаркасында студент-жаслар өз қәнигеликлери бойынша бос жумыс орынлары менен танысыў имканиятына ийе болды,-дейди Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Студентлер әмелияты бөлиминиң бас қәнигеси Марҳабо Ўразбаева.-Соның ишинде, өткерилген ярмаркада 3 питкериўши менен жумыс бериўшилер арасында өз-ара шәртнама дүзилди ҳәм екеўине арнаўлы жолламалар берилди. Алдағы ўақытлары да питкериўшилеримизди турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар алып барыла береди.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.