Атап өтилиўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, түнде бираз қар жаўыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 1 градус суўық-1 градус жыллы болады.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.
Бухара, Наўайы ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Түнде 2-7 дәреже суўық, күндизги ўақытлары 2 дәреже суўық, 3 дәреже жыллы болыўы күтиледи.
Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм азанда айырым жерлерде қар жаўыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Батыстан ескен самал бағытын өзгерттирип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.
Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық - 3 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм азанда айырым жерлерде қар жаўыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Батыстан ескен самал бағытын өзгерттирип, шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 0-5 градус жыллы болады.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қар жаўады ҳәм күшейиўи мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Батыстан ескен самал бағытын өзгерттирип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 3-8 дәреже суўық болады.