Соңғы ўақытларда айдаўшылық гүўалығына байланыслы жаңа тәртип және додалаўлар орайында. Гәп сонда, ҳүкимет қарары менен келеси жылдан күшке киретуғын жаңа әмелият - еркин таярланыў арқалы айырым категориядағы айдаўшылық гүўалықларын алыў мүмкин екенлиги, айырым категориялар ушын болса автомектеплерде тек әмелий шынығыўларды мәжбүрий өтеў тәртибин ўатанласларымыз ҳәр қыйлы түсиндирмекте. Ҳәтте 2026-жылдан автомектепте оқымастан да айдаўшылық гүўалығын алыў мүмкин екени ҳаққында хабарлар тарқалды.
Буны еситкенлердиң көбиси енди айдаўшылық гүўалығын алыў аңсат болатуғынын, оның ушын артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсамаўға туўра келетуғынын қуўаныш пенен айтып атырған болса, айырымлары жақында ғана автомектепте оқыўды баслағаны ҳәм бираз ҳаўлығып қалғаны, алдынырақ хабар тапқанында айдаўшылық гүўалығын алыўды келеси жылға қалдырған болыўын өкиниш пенен мәлим етпекте.
Жуўмақ шығарыўға еле ерте. Себеби, айдаўшыларды таярлаў мәжбүрий оқыў бағдарламасын өтпей, теориялық ҳәм әмелий имтиханларды тапсырыў ҳәм миллий айдаўшылық гүўалығын алыў ҳуқықы тек ғана "А1" категориясы ушын әмел етеди. Жаңа тәртип Министрлер Кабинетиниң усы жыл 25-октябрьдеги "Транспорт қуралларын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық 2026-жыл 1-январьдан күшке киреди.
- Усы сәнеден баслап елимизде "А1" киши категориядағы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықын беретуғын миллий айдаўшылық гүўалығы енгизиледи, - дейди Республикалық Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети мәлимлеме хызметиниң баслығы Зойир Йўлдошев. - Бул категория мопед ҳәм скутерлерди басқарыў ҳуқықын береди. Белгиленген тәртипке бола, усы категориядағы айдаўшылық гүўалығын алыў ушын автомектеплерде оқыў шәрт емес. Талабанлар өз қәлеўи бойынша оқыў курсларында (онлайн ямаса оффлайн тәризде) оқыўы ямаса еркин таярланыўы мүмкин. Оларға теориялық ҳәм әмелий имтиханларды тиккелей тапсырыў ҳуқықы бериледи.
2026-жыл 1-февральдан баслап болса "А" ҳәм "Б" категориядағы айдаўшылық гүўалығын алыўда да жаңа тәртип енгизиледи. Пуқаралар оқыў бағдарламасының теориялық бөлимин еркин өзлестириўи мүмкин ҳәм буның ушын автомектеплерде оқыў мәжбүрий болмайды. Бирақ бул адамлар надурыс түсинип атырғанындай "А" ҳәм "Б" категориядағы айдаўшылық гүўалығын да автомектепте оқымай турып алыў мүмкин дегени емес. Автомектеплерде оқыў талабы бийкарланбады. Жаңа тәртип тек теориялық сабақларды еркин өзлестириў мүмкин екенлигин нәзерде тутады. Әмелий сабақларды болса мәжбүрий оқыў бағдарламасы тийкарында толық өтиў зәрүр. Бул мағлыўматлар электрон түрде қәлиплестириледи.
Оқыў талабы толық бийкарланбады
Усы жылы 1-марттан мәмлекетимизде мопед ҳәм скутерлер де транспорт қураллары қатарына қосылды ҳәм бурынғыдай велосипед жолларында емес, ал автомобиль жолында ҳәрекетлене баслады. Әйне усы ўақыттан баслап бул түрдеги транспорт қуралларын басқарыўшылардан "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығы талап етилиўи белгиленген. Усы тийкарда мопед ҳәм скутерлерди де мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм оларға айрықша ажыратыўшы мәмлекетлик номер белгилерин бериў жумыслары даўам еттирилмекте.
Ашығын айтыў керек, бул талап елеге шекем кең додалаўларға себеп болып, айырым адамлардың наразылығын келтирип шығарып атырған еди. Тийкарғы мәселе айдаўшылық гүўалығын алыў қәрежети менен байланыслы. Бир тәрептен, бул қәрежет мопед ҳәм скутерлердиң баҳасынан да жоқары болыўы мүмкин екенлиги адамларды ойландырғаны рас. Себеби, мопед ҳәм скутер басқарыўшыларының көпшилиги салыстырмалы арзан бул транспорт қуралынан тиришилик дәреги сыпатында пайдаланады. Оны басқарыў ушын айдаўшылық гүўалығын алыў болса артықша ўақыт ҳәм қәрежет талап етеди.
Бул түрдеги транспорт қуралларын басқарыўшылар миллий айдаўшылық гүўалығына ийе болыўы мәжбүрий етип белгиленген. Бул қарар, бәринен бурын, халықтың мәпи, айдаўшы ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилгенин көпшилик жақсы түсинеди ҳәм қоллап-қуўатлайды. Мопед ҳәм скутерлер басқа транспорт қураллары сыяқлы автомобиль жолында ҳәрекетленер екен, қағыйдаларға ҳәмме қатары әмел етиўи зәрүр. Айдаўшылық гүўалығын алған пуқара болса жол қағыйдаларын биледи ҳәм оларға әмел етеди. Мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткерип, мәмлекетлик номер белгилерин бериў де қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары менен байланыслы. Атап айтқанда, усы түрдеги транспорт қуралларының техникалық сазлығын тексериў, олар менен байланыслы урлық жынаятларының алдын алыў ҳәм басқа да жағдайлар есапқа алынған.
Қулласы, мопед ҳәм скутер басқарыўшыларының миллий айдаўшылық гүўалығын алыў талабы бийкар етилмеди. Тек ғана тийисли қарар менен олар ушын өз алдына "А1" категория енгизилип, усы категориядағы миллий айдаўшылық гүўалығын алыўда жеңиллик жаратылмақта. Атап өтилгениндей, "А1" категориясын алыў ушын пуқаралар автомектепте оқыўы шәрт емес. Өз бетинше таярлық тийкарында тиккелей теориялық ҳәм әмелий имтиханларды тапсырыўы мүмкин. Буның ушын оқыў орайында оқығанлығы ҳаққындағы ҳүжжет талап етилмейди.
Бирақ өз бетинше таярланыў имканияты қәлеген жаста имтихан тапсырып, миллий айдаўшылық гүўалығын алыў мүмкин екенлигин аңлатпайды. Басқа автотранспорт қураллары сыяқлы мопед ҳәм скутерди басқарыўда да белгиленген жас шегаралары бар. Қәнигелердиң мағлыўмат бериўинше, бүгин елимизде "А" категориядағы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықына ийе болыў ушын талапкерлер 16 жас, "Б" ҳәм "С" категориялары ушын 18 жас, "Д" категориясы ушын болса 21 жасқа толған болыўы керек. Сонда ғана имтихан тапсырыўға рухсат бериледи.
"А1" категориядағы миллий айдаўшылық гүўалығын алыў ушын қанша ўақыт таярланыў талапкердиң ықтыярында. Имтихан тапсырыўға таяр болғанлар тийисли тәртипте ЖПХ аймақлық басқармаларының имтихан алыў бөлимлерине мүрәжат етиўи мүмкин. Теориялық имтиханда 20 тест сораўы бериледи. Басқа категориялардан парықлы түрде 18 емес, кеминде 16 сынаққа дурыс жуўап берген талабанлар теориялық имтиханды тапсырған деп есапланады ҳәм әмелий имтиханға қойылады. Ҳәр еки түрдеги имтиханды табыслы тапсырған шахсларға "А1" киши категориясына киретуғын транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықы сәўлеленген миллий айдаўшылық гүўалығы бериледи.
Тәртипке бола, "А", "Б", "С", "Д" категориялардағы автомототранспорт қуралларынан бирин басқарыў ҳуқықын бериўши миллий айдаўшылық гүўалығына ийе болған шахслар "А1" киши категориясындағы автотранспорт қуралларын тиккелей басқарыўы мүмкин. Бирақ ҳеш қандай категориядағы айдаўшылық гүўалығына ийе болмағанлар оны алмағанша мопед ямаса скутерлерди басқармағаны мақул. Себеби, олардан белгиленген тәртиптеги миллий айдаўшылық гүўалығы соралады. Усы транспорт қуралларын ижараға алыў ямаса бериўде, исеним хаты арқалы басқарғанда да мәмлекетлик номер белгилери болыўы зәрүр. Болмаса, айдаўшыға жәрийма салынады.
***
Солай етип, келеси жылдың 1-январынан баслап мопед ҳәм скутер айдаўшылары еркин таярлық тийкарында миллий айдаўшылық гүўалықларын алыўы мүмкин. Нәзеримде, бул көплеген адамлар күтип атырған әмелият. Әсиресе, күн көрис мақсетинде алынған киши категориядағы транспорт қуралының айдаўшылары енди айдаўшылық гүўалығын алыў қәрежети ҳаққында да бас қатырмайды.
- Студентпен. Оқыўдан бос ўақтымда дәрамат табыў ушын мүддетли төлем тийкарында скутер сатып алдым, - дейди Акром Назаров. - Жеткерип бериў хызметинде ислеймен. Табысымды скутердиң ҳәр айлық төлемине жумсайман. Шынында да, айдаўшылық гүўалығын алыў кереклиги мени бираз ойландырып атырған еди. Дурыс, жолда ҳәрекетленгенде қағыйдаларға әмел етиўимиз зәрүр, бирақ автомектепте оқыў ушын ҳеш пул жыйнап атырғаным жоқ. Келеси жылдан оқымай турып-ақ имтихан тапсырыў мүмкин екенин еситип жүдә қуўандым. Имтиханларға қатаң таярланып, бир мәртебе табыслы өтиўди нийет еткенмен.
Жаңа тәртиптиң әмелияттағы унамлы ямаса унамсыз тәреплери бойынша пикирлер өз алдына мәселе. Ашығын айтқанда, "оқымастан турып айдаўшылық гүўалығын алыў" деген сөздиң өзи адамды қәўетерге салады. Әсиресе, барған сайын жолларда транспорт қуралларының саны да, олар менен байланыслы қағыйдабузарлықлар ҳәм автоавариялар көбейип атырған бир ўақытта айдаўшылардың тәртипли ҳәрекетлениўи жол қағыйдаларын жақсы билиўине байланыслы сыяқлы. Бирақ буған миллий айдаўшылық гүўалығын алыўды қыйынластырыў арқалы ерисип болмайды.
Бизиңше, айдаўшылық гүўалығын алыў тәртибин емес, талапларын қатаңластырыў дурыс болады. Талабан қай жерде, қандай оқығанына қарамастан, тийисли билим ҳәм көнликпеге ийе болыўы ҳәм имтиханлардан өте алыўы әҳмиетли. Жәҳән әмелиятында да өз бетинше үйрениў тәжирийбеси бар ҳәм дерлик барлық бағдарда кеңнен тарқалған. Бул талабанлардың жуўапкершилигин арттырыўға да хызмет етеди. Талабан имтиханнан өтиўди қәлесе, және де терең оқып-үйренеди, айдаўшылық гүўалығын әйтеўир ала алмайтуғынын сезеди. Жоллардағы қағыйдаларға әмел етиў жуўапкершилиги және де артады.
Қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма талапларының турақлы түрде қатаңластырылып атырғанынан гөзленген мақсет те усы. Ҳәзирги ўақытта "жарима баллары" деген түсиник көпшиликке жақсы таныс. Әмелде әлле қашан қолланылып атырған бул тәртип ЖПХ хызметкерлери тәрепинен дизимге алынған қопал қағыйдабузарлықларға қолланылған еди. 2026-жыл 1-апрельден болса арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў системалары арқалы дизимге алынған жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары ушын да жәрийма баллары есапланатуғыны жәрияланды.
Әмелият ҳүкиметтиң тийисли қарары менен күшке киреди ҳәм жәрийма баллары транспорт қуралының ийеси ҳәм усы транспорт қуралынан пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар тийкарында белгиленген тәртипте исеним хаты, қамсызландырыў полиси, жол қағазы арқалы пайдаланыўшы басқа да айдаўшыларға бөлистириледи. Әмелияттан гөзленген мақсет болса жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жолларда өлим жағдайларының алдын алыўға қаратылғаны менен түсиндирилип атыр.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы