Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитети баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәҳәлле жетилиги ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Өткерилген мәжилисте ҳәр бир мәҳәлледе абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барыў, пуқаралардың жер менен ислесиў мәдениятын арттырыў ҳәм ҳәр бир шаңарақта үй алдындағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўына жәрдем бериў мәселелери сөз етилди.

Мәжилис даўамында мәҳәлле жетилиги ҳәм тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.