Әсиресе, кейинги жыллары мәҳәлле системасындағы түпкиликли өзгерислер халық ўәкиллериниң көплеген мәселелери мәҳәлле уйымының өзинде-ақ шешимин табыўына тийкар жаратты. Кейинги жылларда мәҳәлле институтының жәмийетлик турмыстағы ролин беккемлеў, системаны басқышпа-басқыш раўажландырыў, қаржы имканиятларын буннан былай да кеңейтиў бойынша көрилип атырған кең көлемли илажлар мәҳәллени тек ғана халықтың машқалаларын шешетуғын орынға емес, ал ўатанласларымызды дөретиўшилик, жаратыўшылық, елдиң тәғдирине байланыслылық сыяқлы жақсы пазыйлетлерге руўхландыратуғын, ийгиликли басламаларын әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын структураға айландырмақта.

Президентимиз быйыл 16-июль күни мәҳәллелерге жаңа орталық алып кириў ҳәм "мәҳәлле жетилиги" жумысын жаңаша шөлкемлестириў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде айрықша атап өткениндей, аймақтағы мәселелерди шешиў ушын ҳәкимде де, мәҳәлле баслығында да, улыўма, "жетилик"тиң ҳәр бир ўәкилинде ресурс ҳәм ўәкиллик жеткиликли.

Буны цифрлардан да билиў мүмкин. Быйыл инфраструктураны жақсылаў, адамлар ҳәм исбилерменлер ушын шараят жаратыў мақсетинде районларға орташа 250 миллиард сумнан, мәҳәллелерге болса 5,5 миллиард сумнан қаржы берилди. Район ҳәкимлери ҳәм мәҳәлле басшыларының түсим бойынша ўәкиллиги кеңейтилгени нәтийжесинде аймақта қалатуғын қосымша дәрамат 2 есеге шекем көбейди. Районларда орташа 22 миллиард сумнан қосымша қаржы қалды. Мәҳәлле бюджетине болса орташа 150-200 миллион сум түсти.

Тийкарғы мәселе берилген имканият ҳәм ўәкилликлерден пайдаланып, халықтың машқалаларына шешим табыў, исбилерменлик бағдарындағы ҳәрекетин хошаметлеў болып табылады. Бул болса жуўапкерлерден белсендилик ҳәм жуўапкершиликти өз мойнына алыўды, яғный пидайы болыўды талап етеди. Бухара ўәлаяты мәҳәллелериндеги "жетилик" бул имканиятлардан үнемли пайдаланбақта. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат жәмәәт халықты жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, жынаятшылықтың алдын алыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, шаңарақларда тынышлық-татыўлық ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумысларды орынламақта.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жумыссызлықты қысқартыў ҳәм пуқаралардың дәрамат дәреклерин кеңейтиў бағдарындағы жумыслардың тийкарында инсан мәпи, мүнәсип турмыс кешириўи ушын шараят жаратыўдай ийгиликли мақсет жәмленген. Ҳәр бир пуқараның жумыслы болыўы, өз мийнети арқалы шаңарағының абаданлығын тәмийинлеўи тек ғана экономикалық турақлылық емес, ал жәмийеттеги социаллық қәтержамлықтың да әҳмийетли факторы болып есапланады.

Усы тийкарда усы жылдың тоғыз айында Бухара қаласы мәҳәллелеринде 4000 нан аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленгенин айрықша атап өтиў керек. Оларды жумысқа жайластырыўда мийнет жумысының қәўипсиз ҳәм турақлы екенлиги, дәраматының бүгинги базар талапларына сәйкес екенлигине айрықша итибар берилди. Нәтийжеде бул шаңарақлардың барлығы кәмбағаллықтан шығарылды.

Итибарлысы, олардың 2 мыңнан асламы ҳаял-қызлар, дерлик 1,5 мыңы жаслардан ибарат. Гәп халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында барар екен, бул бағдарда, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың мийнет базарында өз орнын табыўына жәрдемлесиўге үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтиў керек.

Сондай-ақ, мийнет миграциясынан қайтқан 1000 ға шамалас пуқараның бәнтлиги тәмийинленгени олардың сырт елде арттырған тәжирийбеси ҳәм маманлығын елимизде нәтийжели иске қосыў, турмыста өз орнын табыўы ушын имканият жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден болды.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде жумыссызларға базарда талап жоқары кәсип-өнер үйретиў ҳәм исбилерменликке бағдарлаў оғада әҳмийетли. Усы мақсетте 523 пуқара кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылды. Бул болса олардың тек ғана бүгинги талапларын қанаатландырыў емес, ал келешекте еркин дәрамат табыўы, өз бизнесин жолға қойыўы ушын да пуқта тийкар жаратты.

Аймақта экономикалық белсендиликти арттырыў, халықтың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа дәрамат дәреклерин қәлиплестириў мақсетинде 1830 микрожойбар иске қосылды. Бундай жойбарлар жергиликли имканиятлардан үнемли пайдаланыў, киши бизнести раўажландырыў ҳәм халық ушын қосымша жумыс орынларын ашыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Бүгин мәмлекетимиздиң аграр секторына заманагөй технологиялар, алдынғы тәжирийбелер кеңнен енгизилмекте. Нәтийжеде бул тармақта өнимдарлық, санаатласыў дәрежеси, соған жараса жоқары дәрамат алыў имканияты да кеңеймекте. Өз гезегинде, аўыл хожалығы тараўының илимий тийкар ҳәм заманагөй технологиялар жәрдеминде жедел раўажландырылыўы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде жаңа имканиятлар жаратпақта.

Басқа аймақлар сыяқлы Бухара ўәлаятында да бул бағдарда дәрамат табыў тилегиндеги пуқараларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, талабанларға ижара тийкарында жер майданы ажыратылмақта. Бул процесс тек ғана жер ажыратыў менен шекленип қалмастан, талапкерлердиң жерден өнимли пайдаланыўы, жоқары зүрәәт алыўы ҳәм гөзленген дәраматқа ерисиўи ушын барлық қоллап-қуўатлаў илажлары көрилмекте.

Улыўма алғанда, бундай илажлардың артында мыңлаған инсанлардың турмысындағы унамлы өзгерислер, шаңарақлардың абаданлығы ҳәм келешекке исенимин беккемлеў мақсети тур. Жаратылып берилип атырған имканиятлар болса халықтың экономикалық еркинлигин беккемлеўге хызмет етип атырғаны менен әҳмийетли. Ҳәр бир жаңа жумыс орны, ҳәр бир жолға қойылған микрожойбар ҳәм ҳәр бир қоллап-қуўатланған баслама абат мәҳәлле, абадан шаңарақ ҳәм турақлы жәмийетке қарай тасланған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Бухара қаласындағы мәҳәллелердиң өзине тән тәрепи, басқаша айтқанда, үстинлигин де атап өтиў керек. Соның ушын бул жерде туризм, атап айтқанда, зыярат туризми раўажланған. Бул болса аймақта саўда-сатық, хызмет көрсетиў, мийманхана ҳәм мийман үйлери жумысының раўажланыўына тийкар жаратпақта. Қаламыздың ески қала аты менен жүритилетуғын бөлиминде әййемги Бухара мақбараларына уқсас мийман үйлери композициясы пайда етилген. Бул аймақта халық ўәкиллериниң исбилерменлик жумысын жолға қойыўы ямаса мийман үйлерин үскенелеў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта.

Бир ғана мысал, Фурқат мәҳәллесинде дерлик 3000 адам жасайды. Мәҳәллениң тийкарғы драйвери хызмет көрсетиў ҳәм саўда. "Мәҳәлле жетилиги" тәрепинен өткерилген хатлаў нәтийжелерине бола, аймақта жумыссыз 20 пуқара дизимге алынған еди. Олардың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматлы етиў мақсетинде 3 бағдарда 1 миллиард сумға шамалас жеңиллетилген кредит ажыратылды. Нәтийжеде олардың барлығы дәраматлы тармақларға тартылды. Сондай-ақ, сырт елде мийнет етип атырған пуқаралардан 7 и миграциядан қайтарылып, дәраматлы жумыс орны менен тәмийинленди.

Жеңиллетилген кредиттен пайдаланғанлардан бири — Нигора Файзиева зергерлик устаханасын шөлкемлестирип, исбилерменлик жумысын баслады. Оған зәрүр әсбап-үскенелерди сатып алыўы ушын 33 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылды. Дәслеп өз үйинде жумыс баслаған Нигора жумысын кеңейтип, мәҳәллесиндеги жумыссыз 3 пуқараны да жумыс пенен тәмийинледи.

Сол ўақытта “Сaрa Силвер” зергерлик мектебине тийкар салды. Исбилермен ҳәзир 10 нан аслам жасқа устаз-шәкирт дәстүри шеңберинде өнер үйретпекте. Өзи ҳәм шәкиртлери таярлаған зергерлик буйымларын республикамыздың түрли аймақларына сатып, жыллық сап пайдасын 100 миллион сумға жақынластырды. Қаламызда бундай стартап жойбарлардың санына жетип болмайды.

"Көкалдаш" мәкан пуқаралар жыйынында болса мийманхана ҳәм мийман үйлерин шөлкемлестириў имканияты бар. Мәҳәлледеги жумыссыз пуқаралардан бири Азизбек Сатторов жеңиллетилген кредит алып, "Мерос" атлы мийманхана жумысын жолға қойды. Бүгин ол жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге сапалы хызмет көрсетпекте. Бул тармақтың раўажланыўы нәтийжесинде бүгин мәҳәлле жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айланған.

Қалаларымыздың мәҳәллелеринде әзелден өнерментлер жасап келеди. Әўладтан-әўладқа мийрас болып киятырған өнерге қызығыўшылықтың жаслар арасында да ғалабаласқаны қуўанышлы. Мәселен, Көкалдаш мәҳәллесинде жасайтуғын Рафаэль Тошев миниатюра ҳәм сүўретшилик бағдарында шаңарақлық жумыс алып барып, көплеген шәкиртлер жетистирип атыр. Шет еллик шәкиртлери де бар. Негизинде, мәҳәлледе бундай өнерментлер көп. Мәселен, миллий кийимлер, келин-күйеўлерге сарпайлар тигетуғын тигиўши Зулфия Сафоеваның 100 ден аслам шәкиртлери бар.

Мәҳәллениң және бир әҳмийетли ўазыйпасы шаңарақ беккемлигин сақлап қалыў, ажырасыўлардың алдын алыў болып есапланады. Мәҳәллелеримизде бул бағдарда ибратлы жумыслар жолға қойылған. Яғный үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе ата ҳәм аналар, Ақыллы ҳаяллар топары, Кемпир апалар мектебиниң ағзалары, үлгили шаңарақ ўәкиллери, профилактика инспекторы менен биргеликте ажырасыў алдында турған шаңарақлардың машқалалары, ажырасыў себеплери ҳәр тәреплеме үйренилип, оларға дурыс мәсләҳәт берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы алға қойған "Инсан қәдири ушын" идеясының әмелий көриниси, бәринен бурын, мәҳәлледе көринеди. Себеби мәҳәлле — халқымыздың әзелий қәдириятлары жәмленген, Ўатан қушағындағы киши бир ўатан, соның менен бирге халық пенен мәмлекет арасындағы ең жақын ҳәм жанлы қарым-қатнас орны. Бүгин оны және де абат ҳәм абадан етиў, адамлардың мүнәсип турмыс кешириўи ушын зәрүр шараят ҳәм кең имканиятлар жаратылмақта. Енди биз, тараў жуўапкерлеринен мине усы имканиятларды нәтийжели жүзеге шығарыў, ҳәр бир мәҳәллени пайызлы, абат ҳәм гөззал орынға айландырыў жолында шын кеўилден мийнет етиў талап етиледи.

Шерзод АШУРОВ,

Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы

Бухара ўәлаяты басқармасы баслығы