Бул ҳаққында "Манчестер Сити" клубының рәсмий сайты хабар берди.
Бул ҳаққында клуб баспасөз хызметиниң сөзбе-сөз хабары төмендегише:
"Үлкен жеңиске ерискен өзбекстанлы қорғаўшымыз өткен айда бир қатар қорғаныўшы шериклери менен биргеликте 7 ойын өткерип, әжайып бир январь айын өткерди.
21 жаслы футболшы өз жасына тән болмаған жетилискенликти көрсетти ҳәм "Сити" ықласбентлериниң сүйиклисине айланды.
Жас футболшы Жанлуижи Доннарумма жәрдеминде командаласлары арасында үлкен бәсекиге шыдам берди ҳәм капитан Бернардоның исенимин ақлап, "Этиҳад Стэдиум"да биринши сыйлықты қолға киргизди.
Ўақыт таўып даўыс берген "Манчестер Сити"диң мыңлаған ықласбентлерине рахмет ҳәм Абдуқодирди январь айындағы номинация жеңимпазы менен қутлықлаймыз!
Қутлықлаўларға қосыламыз ҳәм ертең, 8-февраль күни АПЛ гезектеги турында "Ливерпул"ға қарсы болып өтетуғын ойында жигитимизге әўмет тилеймиз! "Энфилд"те Абдуқадир ҳәм оның командасын үлкен сынақ күтип тур...