Спорттың бул түрине онша қызықпайтуғын ўатанласларымыз да тарқалып атырған мәлимлеме ағымын дыққат пенен бақлады, анығырақ етип айтқанда, ең қуўанышлы хабарды күтти. Ақырында, дүнья баспасөзи сол хабар менен толып кетти: өзбекстанлы 20 жасар футболшы Абдуқодир Ҳусанов гигант команда - Англияның әмелдеги чемпионы "Манчестер Сити" қурамында орын алды.

Усы тәризде спортшымыз усы мәмлекеттиң премьер-лигасында ойнайтуғын биринши өзбек футболшысына айланды. Жәҳәнниң ең тамашагөй чемпионатында футболшысы ойнаған мәмлекетлер саны болса 119 ға жетеди.

Усы жерде дүнья баспасөзи тема бойынша өз мақалаларын қандай атамада жарқын жәриялағанына итибар берсек: "Ҳусановтың трансфери ҳайран қалдырды", "Ҳусанов трансферинен соң "Сити" тийкарғы қорғаўшысынан ўаз кешти!", "Абдуқодир Ҳусанов АПЛдеги биринши өзбекстанлы футболшыға айланды", "Абдуқодир Ҳусановтың пәрўазы. Беларустан кейин оның баҳасы 100 есеге артты", "Өзбекстанлы талант Францияны жеңди - чемпионаттың ең жақсы ойыншысы болды", "Ланс"лы өзбек - Гвардиоланың ең тийкарғы трансфер мақсети!", "Ҳусановтың "Сити"ге өтиўи – ақылдан азыў емес. Өзбекстанлы ҳаққындағы статистика ҳәм фактлер ҳайран қаларлық", "Ҳусанов мәўсимниң ең жарқын ашылыўы", "Абдуқодирдиң "Манчестер Сити"ге өтиўи өзбек клублары ушын не береди?". Булар соңғы күнлерде дүнья футбол әлеми жақсы мәнисте қалып турды деген мәнисиндеги пикиримиздиң ҳақ екенлигине гүман қалдырмайды.

Жылдың ең шаўқымлы трансфери

2023-жылдың жазында өзбек футболшысын 100 мың евроға алған Францияның "Ланс" командасы бир ярым жылда жумсалған қәрежетин 500 есеге шекем шығарып алды.

Легионеримизге даўагерлердиң көбейип баратырғанын есапқа алып, "Манчестер Сити" "Ланс"қа Ҳусановты босатып жибериў ушын 40+10, жәми 50 миллион евро усыныс етти. Талапкерлер арасында болса Англияның "Челси" ҳәм "Ньюкасл" клублары, Испанияның "Реал"ы, сондай-ақ, Францияның "ПСЖ" сыяқлы 10 нан аслам командалар бар еди. Усы тәризде Абдуқодир "Ланс" тарийхындағы ең қымбат трансферге айланды.

Британиялылар оны қолға киргизиўди кепиллеў ушын бийкарға 40 миллион евро ҳәм бонуслар усыныс етпеди. Ҳусанов ҳәўес етсе арзыйтуғын физикалық күшке ийе орайлық қорғаўшы, сондай-ақ, жоқары дәрежедеги спринтер: оның "Реймс" футболшысы Жунья Итони 37 км/с тезликте қуўып киятырғаны көрсетилген видео интернетти ләрзеге салған еди.

Россиялы атақлы тренер Юрий Сёмин бул трансферден соң төмендегише мүнәсибет билдирди: "Мени Абдуқодир Ҳусановтың "Манчестер Сити"ге трансфери ҳайран қалдырды. Неге Россия премьер-лигасында бул футболшыны ҳеш ким сезбей қалды? Бул футболшы дәслеп Өзбекстанда, кейин Беларуста ойнаған. Неге Россия клубларының бирде-бир спорт директоры жанымызда жарқырай баслаған үлкен талантты көрмеген".

Енди Франция чемпионатын таллаўшы “Setanta Sports” телеканалы белгили пикиршиси Гиви Жаши пикирлерин тыңлаң: "Абдуқодир Ҳусанов Франция чемпионатында өзин көрсетти. Ол топ ушын гүресте жүдә күшли, гүреслерди жақсы сезеди, подкатлардың аралығын дурыс өлшейди. Франция чемпионатындағы ойынлары арқалы ол жақсы тәжирийбе топлап алды. Лига 1 жүдә интенсив чемпионат, бул жерде тезлик ҳәм гүрес тийкарғы орынға шығады. Абдуқодир усындай гүреслерде өзин көрсетти. Ҳусанов АПЛға бейимлесиўде де қыйыншылық көрмейди".

Оны ҳақыйқый "Танк" деп айтыў мүмкин

Ықласбентлер жақсы биледи - дүньяның ең күшли командалары ҳәм футболшыларына рәсмий ҳәм рәсмий емес лақаплар бериў әмелияты бар. Мәселен, командалардың аты айтылмастан да "арысланлар", "жолбарыслар", "қызыл шайтанлар", "ақ қасқырлар" дегенде қайсы клуб екенлигин түсиниў, ойыншыларды болса "камон", "чақмақ", "боран", "оқшы" сыяқлы лақаплар арқалы билип алыў мүмкин.

Франциядағы бир ярым жыллық жумысы даўамында Хусанов өзиниң бийкар етип болмайтуғын шеберлиги ушын "жыртқыш" лақабын алған. "Манчестер Сити" Өзбекстан миллий сайланды командасы қорғаўшысы менен келисимге ерискени ҳәм трансферди 50 миллион евроға әмелге асырыўы мақулланғанынан соң мәмлекеттиң абырайлы спорт басылымлары Гвардиоланың жаңа шәкирти ҳаққында ҳәр қыйлы мағлыўматларды анықлап, ықласбентлер итибарына усыныс ете баслады. Атап айтқанда, белгили басылымлардан бири “The Sun” Абдуқодир Ҳусанов ҳаққында төмендеги тәрийпти келтирген:

"Танысың - "Манчестер Сити"ге "Ланс"дан өткен, 33 миллион фунт стерлингден қымбат баҳаланған өзбекстанлы қорғаўшы Абдуқодир Ҳусанов Олимпиада чемпионлары сыяқлы тез жуўыра алады ҳәм физикалық күш-қуўаты бойынша оны ҳақыйқый "Танк" деп айтыў мүмкин".

Деректиң келтириўинше, Гвардиола бәринен бурын ҳақыйқый қорғаўшыға ийе болды. Абдуқодир Ҳусанов қысқа мүддетте Франция чемпионатының ең жақсы қорғаўшылары қатарына қосылыўына еристи. Өзбек футболшысының ушырасыўларда ҳәзирге шекем жазған максимал тезлиги саатына 37 километрди қурайды ҳәм ол бул пәт бойынша көп мәрте жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионы Усеин Болттың 100 метрге көрсеткен улыўма тезлиги менен беллеседи.

"Саўшылар" ушын есиклер кеңирек ашылды

- Ҳәзир биз басым астындамыз, - дейди Өзбекстан У-20 сайланды командасы тренери, белгили қәниге Фарҳод Нишонов. - Себеби, Абдуқодир Ҳусанов ҳәм Аббос Файзуллаев себепли бизлерди барлық агент ҳәм селекционерлер итибар менен бақлап бармақта. Олар сайланды команданы қоршап алған ҳәм жаңа Ҳусановты излемекте. Бул бизге жуўапкершилик жүклейди ҳәм қосымша басым да жаратып бермекте. Бундай жағдай бул футболшылардың жақын келешекте Европаның топ командаларында ойнаў имканиятларын арттырмақта.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги ўақытта өзбек спорты дүньяға өз сөзин айтып атыр. Бокс, шахмат, гүрес ҳәм басқа да бағдарларда чемпион спортшыларымызды бүгин дүнья аты менен биледи. Саҳналардағы жеңис заўқы футболымыз ушын бирқанша жат болып қалған еди, мине, ҳәзир бул кемшиликти толтырыў ўақты келди. Кейинги жыллары футболда да жеңисли қәдемлердиң салмағы артып бармақта. Оған болса, әлбетте, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен спорттың бул түрине қаратылып атырған итибар, тараўда басланған ҳәм даўам етип атырған реформалар үлкен фактор болмақта.

Елимизде халық, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратылды, спорт жарыслары арқалы жасларда өз ерк-ықрары, күш ҳәм имканиятларына исенимди беккемлеў, мәртлик ҳәм ўатансүйиўшилик, ана Ўатанға садықлық сезимлерин жетилистириў, олардың арасынан қәбилетли спортшыларды сайлап алыў ҳәм мақсетли таярлаў жумысларын системалы шөлкемлестириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Жаслар арасынан қәбилетли спортшыларды таңлап алыў, оларды мақсетли таярлаў жумысларын системалы түрде шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша республика ҳәм аймақлық кеңеслер шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, дене тәрбия ҳәм спортқа қәнигелескен билимлендириў мәкемелери ҳәм спорт клубларына қәбилетли спортшыларды таңлап алыў ҳәм қабыл етиў процесинде ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў илажлары көрилди. Буның нәтийжесинде халықаралық жарысларда спортшыларымыздың табысларының салмағы артпақта.

Өткен ҳәптеде Президентимиз БАӘге сапары даўамында Абу Дабидиң мийрасхор шаҳзадасы Шайх Холид ибн Муҳаммад Ол Наҳаён менен Абдуқодир Ҳусановтың "Манчестер Сити" клубына өтиўи ҳаққында сәўбетлести. Клубға ийе болатуғын шаңарақ ўәкили бундай футболшыны тәрбиялаған өзбек халқына өзиниң ҳүрметин билдирди.

Не ушын әйне Хусанов?

Заманагөй футболда орайлық қорғаўшылар команда табысында әҳмийетли рол ойнайды. Олардың қорғаўдағы ўазыйпалары қатарына командалық ҳүжимлерди баслаў талабы да қойылған. Қәнигелердиң атап өтиўинше, Абдуқодир Ҳусанов соңғы ойнаған клубында да, Өзбекстан миллий сайланды командасы қатарында да динамикасы менен командалық ойынға үстинлик бағышлады. Ол көп қырлы ҳәм оператив қорғаўшы есапланады. Бир неше позицияда исенимли ҳәрекет ете алады. Ең әҳмийетлиси, команда ҳүжимлерин баслай алады, күшли ҳәм анық соққыға ийе, стандарт жағдайлардан жақсы пайдаланады.

Хош, Хусановтың "Сити"деги ўазыйпасы нелерден ибарат болады? "Манчестер Сити" бас тренери Хосеп Гвардиоланың орайлық қорғаўшыларға өз талаплары бар. Испаниялы қәниге қол астында қорғаныў орайынан орын алған ойыншылар жоқарыға көтерилип ойнаўы, анық паслар бериўи ҳәм ҳүжимлерди баслап бериўи талап етиледи.

Абдуқодир Ҳусановтың универсаллығы, тезлиги, узақ аралықларға анық топ узатыў арқалы ҳүжимлерди баслап бериў қәбилети айрықша тән алынған. 20 жасар легионеримиз жүдә бәлент секиреди ҳәм толық координацияға ийе, ҳәрекетлерин дурыс басқара алады. Абдуқодирдиң үлкен басланғыш тезлиги бар ҳәм бул қәсийети арқалы қарсыласының тез ҳүжимшилери менен бәсекилесе алады. Бас пенен исенимли ойнаў, жоқарыдан келип атырған топларды қайтарыў техникасын пуқта өзлестирген. Ол топты узақ аралыққа анық жеткериў, паслары арқалы қарсы ҳүжим баслаў, топты ийелеп алыў, подкат таслаў ҳәм прессинге шебер.

Өзбекстанлы футболшының және бир тийкарғы абзаллығы - қорғаныўдың ҳәр қыйлы схемаларына сәйкес келеди, орайлық қорғаўшы болыўына қарамастан, басқа да ноқатларда исенимли ойнай алады, ойынды жақсы "оқыйды", тактикани дурыс түсинеди. Миллий командамыздың талантлы, көп қырлы ҳәм жедел қорғаўшысы енди потенциалын ҳәм шеберлигин заманагөй футбол бесиги болған Англияда көрсетеди. Исенемиз, сен Ўатан абырайын жоқарылатыўға уқыплысан, Абдуқодир!

Нодир МАҲМУДОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы

 

Халықтың кеўлин көтериў аңсат емес

Абдуқодир Ҳусановтың "Манчестер Сити" клубына өтиўи барлық ўатанласлар қатарында бизди де қуўандырды. Кеўиллеримиз таўдай көтерилди. Халықтың кеўилин көтериў аңсат жумыс емес. Бул машақатлы мийнет, ҳадал ҳәм пәк ҳүждан менен жумыс ислеў, өз ўақтында дурыс қарарлар қабыл етиў менен байланыслы.

Халқымыз "Аттың орнына той басады", дейди. Абдуқодирдиң әкеси Ҳикмат Ҳошимов та өзбек футболында өзине тән из қалдырған. Бүгин жас футболшымыздың үлкен стадионларда ойнаўында ата-анасының берген тәрбиясы да үлкен әҳмийетке ийе. Әлбетте, тек ғана генде болғаны ушын бул нәтийжеге ерискен, деп айта алмайман.

Бүгин халықаралық майданда ойнап атырған өзбек футболшыларының көпшилиги үмитли жаслар. Олардың барлығы өз мийнети ҳәм таланты менен усындай жетискенликлерге ерисип келмекте. Әҳмийетлиси, бүгин мәмлекетимиз басшысы жаслар арасында спортты ғалаба ен жайдырыў, оларға мүнәсип шараят жаратып бериў бағдарында басшылық етпекте.

Бул тараўда системалы жумыслардың басқышпа-басқыш, избе-из жолға қойылғаны себепли жас талант ийелериниң жүзеге шығыўы ҳәм халықаралық майданда мәмлекетимиз абырайын мүнәсип қорғаўынан да билип алыўымыз мүмкин. Өткен жылы Парижде болып өткен жазғы Олимпиадаға да жоллама алып, мүнәсип ойнаўы өзбек футболы тек ғана Азия емес, ал дүнья көлеминде тән алыныўы басланғанынан дәрек береди. Буны Абдиқодир және бир мәрте дәлилледи.

Футболшымыз дүньяның ең белгили ҳәм топ тренерлериниң қолында ойнап атырғаны биз тренерлерге мақтаныш бағышлайды. Бул нәтийжеге ол мийнети, таланты ҳәм дурыс бағдарда тәрбияланғаны себепли еристи. Айтып өтиўим керек, Абдуқодир ҳәм бүгин халықаралық майданда топ ойнап, ўатанымыздың абырайын ийинде көтерип, өзбек халқының атын улығлап жүрген жасларды көрип қуўанасан. Бүгин олар артта өсип киятырған жаслардың өзине болған исенимин және де арттырады.

Олардың көпшилиги менен жаслар арасында Азия чемпионлығын қолға киргизиўге миясар болды. Соны айта аламан, олардың барлығы бул жетискенликлерге өз мийнети менен ериспекте.

Еле отыз жасқа да жетпеген футболшыларымыз бизге қалай ислеўди, әдиллик орнаған жерде реформалардың нәтийжеси қандай болатуғынын үйретти.

Равшан ҲАЙДАРОВ,

Өзбекстан жаслар сайланды командасы бас тренери

 

Аңсат болмайды, бирақ ол еплей ала ма?

Абдуқодир Ҳусановтың жәҳән футболындағы ең белгили командалардан бири болған "Манчестер Сити" қурамына қосылғаны мени де өзбек сыпатында, және усы тараў ишинде өсип-өнип, жасап келген инсан сыпатында оғада толқынландырды. Бул өзбек миллетиниң, өзбек футболының үлкен жетискенлиги.

Футболымызда бүгин көринип атырған жетискенликлер өз-өзинен болып атырған жоқ, әлбетте. Узақ жыллар даўамында мине усындай табысларға тийкар таярлап келинди. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2019-жыл 4-декабрьдеги "Өзбекстанда футболды раўажландырыўды пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы және 2024-жыл 20-марттағы "Мәҳәллелерде футбол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм тармағын кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы қарары ҳәм басқа да ҳүжжетлер бул бағдардағы жумысларымыздың тийкары болып есапланады.

Ҳәр бир табыслы спортшының артында оған мотивация беретуғын, қоллап-қуўатлайтуғын факторлар, инсанлар болады. Олардың арасында ата-ананың орны да айрықша. Мен Абдиқодирдиң әсте ақырын көтерилип баратырғанын көрип, оның ата-анасы қаншелли уллы инсанлар екенине қайта-қайта исеним пайда еттим.

Абдуқодир - пүткил футболшы. Оған Жаратқан физикалық жақтан да, ақылый жақтан да мийрим-шәпәәтин көрсеткен. Бул оның табысы, себеби, футбол деп аталыўшы үлкен спорт ушын булар оғада әҳмийетли. Тек екеўи жәмлессе ғана, тынымсыз мийнет пенен улыўмаласып, жоқары нәтийжелер көринеди.

Абдуқодир енди ойнайтуғын команда әпиўайы емес, ол ҳәмийше дүнья футбол ықласбентлериниң дыққат орайында болып келген. Соның ушын, бул команда ағзалары бәрқулла жетик ойнаўға мәжбүр. Англия чемпионаты болса дүньяның ең күшли чемпионатларынан бири. Ол футболшыдан бар имканиятларын иске қосыўды, қатаң тәртипти талап етеди. Бул тәрепи менен де Франция чемпионатынан айырмашылығы бар. Дәслеп Абдиқодирға аңсат болмайтуғыны анық, бирақ мен оның зыяты менен жеңип шығатуғынына, басқышлардан көтерилип, және де даңқлырақ болатуғынына исенемен.

Бул дүнья жүзилик ўақыя биз ушын жоқары мақтаныш бағышлаўдан тысқары, өзбек футболы, тек ғана өзбек футболы емес, ал пүткил регионымыз футболы келешегине унамлы тәсир көрсетеди. Жас әўладта "ислесе болады екен ғой" деген исеним пайда етеди. Буннан кейин онлаған Абдуқодирлер жетилисип шығады.

Усы пурсаттан пайдаланып, Абдуқодирге беккем денсаўлық, әўмет ҳәм табыслар тилеп қаламан.

Тўлаган ИСОҚОВ,

Өзбекстан футбол ветеранлары кеңесиниң баслығы