Дохадағы АИИБ 11-жыллық мәжилиси шеңберинде қол қойыў
мәресими болып өтти.
Жаңаланған бағдарламаға 2026-2029-жылларда Өзбекстанда
АИИБ қаржыландырыўы мүмкин болған улыўма баҳасы 5 миллиард долларға шекемги
инфраструктуралық жойбарлар киргизилген. Бағдарлама тәреплер жақын жылларда
бирге ислесиўди раўажландыратуғын мәмлекет ушын тийкарғы бағдарларды белгилеп
береди.
АИИБ тәрепинен ҳүжжетлерге АИИБ Инвестиция блоги,
мәмлекетлик сектор (2-аймақ) ҳәм қарыйдарларды жойбарлар ҳәм корпоратив
қаржыландырыў (глобаллық аймақ) басшысы Константин Лимитовский, Өзбекстан
тәрепинен инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Шоҳрух Ғуломов
қол қойды. Оған Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда
министри, АИИБның Өзбекстаннан басқарыўшысы Лазиз Қудратов қатнасты.
"Өзбекстан АИИБ шөлкемлестириўши мәмлекетлерден
бири сыпатында бәрқулла күшли ҳәм исенимли шерик болып келген, оның инвестициялық
жойбарларының дизими болса анық миллий тийкарғы бағдарларды сәўлелендиреди, -
деди Константин Лимитовский. - Жаңаланған бағдарлама бирге ислесиўимиздиң
2029-жылға шекемги бағдарын белгилеп береди. Бүгин қол қойылған грант
келисимине бола, биргеликте жумыс алып барып, инвестиция тартыўға таяр, сапалы
ҳәм турақлы жойбарларды қәлиплестириўимиз мүмкин.
- Бүгин Өзбекстан экономикасы жедел раўажланып,
мәмлекетимиз Орайлық Азиядағы саўда, энергетика ҳәм транспорттың әҳмийетли
орайына айланып бармақта, - деди Лазиз Қудратов. - Биз Өзбекстан АИИБның
региондағы ең ири шериги екенин шын мәнисинде қәдирлеймиз ҳәм Банкке
билдирилген исеним ушын миннетдармыз. Жаңаланған бағдарлама менен бирге
ислесиўимизди және де тығызластырып, жеке меншик инвесторларды көбирек тартыў
ҳәм улыўма режелеримизди анық жойбарларға биргеликте тезирек әмелге асырыўға
үмит етемиз.
Екинши келисим бойынша АИИБ "Өзбекстан электр
жеткерип бериў системасының турақлылығын арттырыў" жойбарын таярлаў ушын
1,5 миллион АҚШ доллары ажыратады. Қаржылар техникалық изертлеўлер ҳәм басқа да
дәслепки жумысларға жумсалады. Олардың нәтийжелери мәмлекет электр
тармақларының өткериўшеңлик қәбилетин арттырыў, оларды исенимли ҳәм климат
өзгериўине шыдамлы етиўге қаратылған келешектеги инвестициялық жойбардың
тийкары болады.
Бул қәдем техникалық шешимлерди жетилистириў,
инвестицияларға болған талап ҳәм климат қәўип-қәтерлерин баҳалаў, қайта
тиклениўши энергияға жалғаныў имканиятларын кеңейтиў, жойбарды көрип шығыў ҳәм
мүмкин болған қаржыландырыўға таярлаўға жәрдем береди. Онда тийкарғы итибар
мәмлекетимиз электр тармақларының тийкарғы участкаларына, соның ишинде,
Сурхандәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятлары және Ферғана ойпатлығы арасындағы қубла
коридорға қаратылады. Бул жерде энергетика системасының исенимлилиги ҳәм
турақлылығын арттырыў, тармақлардағы ең әззи орынларды сапластырыў, қайта
тиклениўши дәреклерден өсип баратырған генерация көлемлерин жалғаў имканиятын
беретуғын шешимлер табылады.
2030-жылға шекем Өзбекстанда электр энергиясын ислеп
шығарыўда қайта тиклениўши энергетиканың үлесин шама менен 30 проценттен 54
процентке жеткериў режелестирилген. Оның ушын электр энергиясын жеткерип бериў
тармақларын модернизациялаў ҳәм кеңейтиў талап етиледи.
Ҳәр еки ҳүжжет АИИБ ҳәм Өзбекстанның инфраструктура
тараўындағы өсип баратырған шериклигине сүйенеди. Олар мәмлекеттиң
раўажланыўының тийкарғы бағдарларына жуўап беретуғын турақлы инфраструктуралық
жойбарларды таярлаў ҳәм қаржыландырыўда және де бирге ислесиў ушын тийкар
жаратады.