Жаңа тәртипке бола, таңлаўда қатнасып, бакалавриаттың
2-5 бағдарынан бирине мәмлекетлик грант ямаса төлемли-контракт тийкарында
оқыўға усыныс етилген абитуриентлер өз қәлеўине бола, биринши таңлаған тәлим
бағдары бойынша дифференциалластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўы
мүмкин.
Бул тәртип мақсетли қабыллаў шеңберинде студентликке
усыныс етилген абитуриентлерге қолланылмайды.
Оқыўға қабыл етиў муғдары тийисли жоқары билимлендириў
шөлкеминиң ректоры ямаса директоры тәрепинен белгиленетуғын дифференциалластырылған
төлемли контракт суммасы төленген жағдайда әмелге асырылады.
Жаңа тәртип барлық мәмлекетлик жоқары билимлендириў
шөлкемлерине, соның ишинде, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық еркинлик берилген
шөлкемлерге енгизиледи.