Олардың жумысында министрлер ҳәм жанылғы-энергетика комплекси, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тараўларындағы дүньяның жетекши компанияларының басшылары қатнасты. Қатнасыўшылар арасында Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов басшылығындағы делегация да бар.
Форумларда энергетика тараўына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм санлы шешимлерди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў, мағлыўматларды қайта ислеў орайлары (Data Center) ҳәм санлы байланыс системаларының жумысы әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Энергетиканы турақлы раўажландырыў, тараўды модернизациялаў, энергетика системаларының бейимлесиўшеңлигин арттырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң инновациялық моделлерин енгизиў бойынша да тәжирийбе алмасылды.
Халықаралық форум шеңберинде "Энергетикалық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты диверсификация арқалы беккемлеў" темасында министрлердиң дөгерек сәўбети болып өтти. Қатнасыўшылар глобал энергетиканың тийкарғы тенденциялары - қәўипсизлик, турақлылық ҳәм энергия дәреклерин диверсификациялаўдың жаңа басқышын додалады. Тийкарғы итибар дүньяда энергияға өсип баратырған талапты қанаатландырыў бойынша әмелий көзқарасларға қаратылды.
Илажлар даўамында БАӘ санаат ҳәм алдынғы технологиялар министри Султон Аҳмад Ал-Жобир, энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Ал-Мазруий, сондай-ақ, Masdar, AMEA Power, Etihad Waters, XRG, Global South Utilities, Siemens Energy (Германия), Honeywell Global Regions, Honeywell Process Solutions, SLB (АҚШ), BP (Уллы Британия) ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыўлар өткерилди.
Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың барысы, "жасыл" энергетика ҳәм нефть-газ тармағын раўажландырыў бойынша ерисилген нәтийжелер ҳәм перспективалы режелер додаланды.
Өзбекстанда Masdar компаниясы менен биргеликте "жасыл" энергияны турақлы ислеп шығарыў ҳәм сақлаўды тәмийинлейтуғын улыўма қуўатлылығы 1 мың 247 МВт болған бес қуяш ҳәм бир самал электр станциясы, сондай-ақ, 63 МВт қуўатлылықтағы энергия сақлаў системасы иске қосылғаны атап өтилди. Буннан тысқары, Қашқадәрья ўәлаятында қуўатлылығы 300 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясының қурылысы даўам етпекте.
Форум шеңберинде төмендеги келисимлерге қол қойылды:
Наўайы ўәлаятында қуўатлылығы 300 МВт/600 МВт саат болған энергия сақлаў системасын қурыў бойынша - Masdar компаниясы менен;
AMEA Power компаниясы менен - қуўатлылығы 200 МВт/800 МВт/саат болған жойбарды әмелге асырыў бойынша;
Бул басламалар Өзбекстанның энергетика ғәрезсизлигин және де беккемлеў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, мәмлекеттиң турақлы ҳәм экологиялық қәўипсиз келешеги ушын алдынғы технологияларды енгизиўге қаратылған.











