Усы жылдың 22-23-февраль күнлери Аўғанстан Бас министриниң орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Молла Абдул Ғани Бародар басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болады.
Бүгин, 22-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Аўғанстан Бас министриниң орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Молла Абдул Ғани Бародар менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди.
Ушырасыўда мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы байланыслар дослық, бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық принциплерине тийкарланғаны, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Аўғанстан менен барлық тараўларда конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырғаны атап өтилди.
Кейинги жыллары еллеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланыслар избе-из раўажланып бармақта.
Өткен жылы "Термиз халықаралық саўда орайы" ашылғаны еки тәреплеме саўданы раўажландырыўға хызмет етпекте.
Ушырасыўда өз-ара пайдалы байланысларды буннан былай да кеңейтиў, саўда-экономикалық, энергетика, транспорт ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Аўғанстан делегациясының мәмлекетимизге сапары бағдарламасынан Ташкент қаласындағы бир қатар өндирислик объектлердиң жумысы менен жақыннан танысыў да орын алған.