Мәдений мийрас агентлиги Қарақалпақстанда табылған ғәзийне ҳаққындағы мағлыўматқа мүнәсибет билдирди

    25 қазан 2025 484

    Социаллық тармақларда Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районындағы "Ақшакөл" туристлик-рекреациялық зонасына байланыслы "Ақшакөлден ғәзийне табылды" атамасындағы видеомүрәжат тарқалды.

    Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы тәрепинен орынға шығып, тексериў жумыслары алып барылды.

    Тексериў нәтийжелерине бола, жағада ҳеш қандай археологиялық табылмалар ямаса мәдений байлыққа ийе ғәзийнелер табылмаған. Видеода көрсетилген теңгелер заманагөй - 2018 ҳәм 2022-жылларда айланыста болған 200, 500 ҳәм 1000 сумлық теңгелер екен.

    Мәдений мийрас басқармасы ҳәм Елликқала районы ҳәкимлиги ўәкиллери менен биргеликте акт дүзилди. Тексериў нәтийжесинде видеороликте келтирилген мағлыўматлардың ҳақыйқатқа туўра келмейтуғыны анықланды.

    Мәдений мийрас агентлиги пуқараларды тастыйықланбаған мағлыўматларды тарқатпаўға, рәсмий дәреклерге сүйениўге ҳәм мәдений мийрас объектлерине жуўапкершилик пенен қараўға шақырады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates