Бундай жағдайдағы адамларды шыпакерлер емлегени оларға дурыслы ем қонбай, олар қайтыс бола баслады. 1981-жылы Лос-Анжелесте бир неше жас еркеклерде сийрек ушырасатуғын өкпе инфекциясы ҳәм Капоши саркомасы (саркоманың айрықша түри) анықланды ҳәм усы сәне АИЖСтың рәсмий ашылған жылы есапланады. 1982-жылы кеселликке AIDS (Acquired Immunodeficiency Syndrome) АИЖС-арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы аты берилди. 1983-жылы Франциядағы Луи Пастер институты алымы Люк Монтане басшылығындағы топар АИЖСти келтирип шығарыўшы вирусты анықлады. Кейин вирус АИЖС – Адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы деп аталды. 1984-жылы АҚШ илимпазлары да вирусты тастыйықлады. 1980-жыллардың ақыры ҳәм 1990-жылларда инфекция пүткил дүнья бойлап тез тарқалды.
БМШ тың мағлыўматларына қарағанда, жер жүзи бойынша 85,6 млннан аслам адам усы кеселликти жуқтырып, соннан 40,4 млн адам қайтыс болған. Африка ҳәм АҚШта басланған бул кеселлик бүгинги күни дүнья жүзи бойлап кең ен жаймақта.
«1-декабрь – Халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке гүресиў орайында Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўи менен тараў жуўапкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасыўында баспасөз әнжуманы ҳәм пресс-тур шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы АИЖСКе гүресиў орайы бас шыпакери Джамила Мадреймова ҳәм бас шыпакер орынбасары Ания Назарбаевалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары республикамызда бул кеселликке қарсы гүресиў, оның алдын алыў ҳәм емлеў бойынша орай тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.
Республикамыз бойынша бүгинги күнге шекем 1129 адамда АИВ инфекциясы анықланып, олардың 667 си ерлерди, 462 си ҳаял-қызларды қурайды, -дейди бас шыпакер орынбасары Ания Назарбаева. – Соның ишинде, быйылғы жылдың өткен 10 айы даўамында 107 адамда АИВ инфекциясы анықланды. Олардың 69 ын ер адамлар, 38 ын ҳаял-қызлар қурайды. Ал, инфекция жуқтырғанлардың көпшилиги яғный, 83-85 проценти жынысый жол менен жуқтырмақта. Әсиресе, олар арасында студент ҳәм оқыўшы жаслардың көбирек ушырасыўы көпшиликти тәшўишлендиреди.
Әнжуманда атап өтилиўинше, республикамызда АИЖС кеселлиги менен дизимге алынған наўқаслардың 361 и кеселлик зардабынан қайтыс болған. 2025-жылдың өткен 10 айы даўамында республикамыз бойынша 20390 адам АИВ ға тексерилип, олардың 32 инде инфекция анықланған. Буннан тысқары эпидемиологиялық сорастырыўлар нәтийжесинде, улыўма 70 пуқараның сырт еллерде мийнет миграциясы дәўиринде болғанында бул кеселликти жуқтырғаны белгили болған. Атап айтқанда, Беруний районында 15, Төрткүлде 11, Нөкис қаласында 10, Әмиўдәрьяда 8, Eлликқалада 6, Хожелиде 6, Шымбайда 3, Keгейли ҳәм Тақыятаста 2, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қараөзек, ҳәм Нөкис районларының ҳәр биринен 1 адам сырт еллерде мийнет миграциясы дәўиринде болғанында бул кеселликти жуқтырған.
Сондай-ақ, өткен 10 ай ишинде республикамыз бойынша 20688 некелениўши шахслар АИВға тексерилип, олардың екеўинде АИВ инфекциясы анықланған. Медицина хызметкерлери арасында АИВ инфекциясын ерте анықлаў ҳәм кеселликти олардың шаңарақ ағзаларына жуғыўының алдын алыў мақсетинде, усы жылдың өткен 10 ай ишинде 19394 медицина хызметкери тексерилген болса, солардың арасында 1 адамда АИВ инфекциясын жуқтырғаны белгили болды.
Өткерилген илаж даўамында журналистлер қәнигелерге сораўлар берип, оларға жуўаплар алды ҳәм АИЖС орайының жумыслары менен жақыннан танысты.
Әнжуман соңында «1-декабрь – Халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен кең жәмийетшилик арасында кеселликке қарсы гүресиў ҳәм алдын алыўда белсендилик көрсеткени ушын бир топар журналистлерге Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа гүресиў орайының Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы.








