Ер адамлар арасында -109 кг салмақ категориясында болып өткен беллесиўлер спортшыларымыздың бенефисине айланды.
Олимпиада чемпионы ҳәм сыйлы орын ийеси Акбар Жўраев және бир мәрте жоқары шеберлик көрсетип, барлық бағдарда ең үлкен көрсеткишлерди (183, 223 ҳәм 406 кг) көрсетип, 3 алтын медальды қолға киргизди. Бул беллесиўде Жўраевтан кейинги нәтийжени көрсеткен басқа бир ўәкилимиз Шарофиддин Амриддинов (181, 214 ҳәм 295 кг) болса 3 гүмис медаль менен сыйлықланды.
Бул нәтийжеден кейин сайланды командамыз есабындағы медальлар саны 3 алтын, 3 гүмис ҳәм 5 қолаға жетип, улыўма командалық есапта үшинши орынға көтерилип алдық.








